Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

 

Мүбәрек Қурбан ҳайытының халқымызға тән болған адамгершилик, меҳир-мүриўбет, сақаўат ҳәм өз-ара аўызбиршилик сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестириўдеги айрықша әҳмийетин итибарға алып ҳәм  миллий-диний қәдириятларымызды улығлаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан мусылманлары басқармасының 2021-жылы Қурбан ҳайытының биринши күни 20-июль ­ шийшембиге туўра келиўи ҳаққында қабыл еткен қарарын инабатқа алып, мәмлекетимизде 2021-жыл 20-июль күни Қурбан ҳайыты байрамы етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 10-майдағы «Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрьдеги «2020-жылда рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм демалыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы ПП-6122-санлы Пәрманына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы ПП-6222-санлы Пәрманы менен 2021-жыл 21-22-июль күнлери де демалыс күнлери сыпатында белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Қурбан ҳайытын карантин талапларына әмел еткен ҳалда халқымыздың миллий ҳәм диний дәстүрлерине сәйкес түрде шаңарақ дөгерегинде өткериўдиң абзаллығы ҳаққында кеңнен түсиник жумысларын әмелге асырсын.
  2. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Қурбан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды жарытыў усыныс етилсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 13-июль.