Қарақалпақстан Республикасы Дене тарбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен 2017-жылдың жуўмағына, сондай-ақ, дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўындағы хызметкерлерди мүнәсип баҳалаўға бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

 

Илаж даўамында 2017-жылы дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўында жоқары жетискенликлерге ерискен бир қатар тренер ҳәм спортшыларға, сондай-ақ, тараўға қәўендерлик етип киятырған мәмлекетлик мәкемелер менен  исбилерменлик субъектлерине Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң диплом ҳәм ҳүрмет жарлықлары, статуэткалар салтанатлы түрде тапсырылды.

— Бүгин биринши мәрте өткерилип атырған илажда «Жылдың ең жақсы спортшысы» номинациясына миясар болғанымнан қуўанышлыман. Шынында да өткен жылы елимиздиң спортшылары тәрепинен көплеген жетискенликлерге ерисилди. Әлбетте, биз усы нәтийжелеримиз бенен шекленип қалмаймыз. Алдымызда күтип турған  үлкен жарысларға, соның ишинде, 2020-жылы Токио қаласында болып өтетуғын олимпиада да үлкен табысларға ерисиўге бар күш-жигеримизди жумсаймыз, – дейди аўыр атлетика бойынша абыройлы турнирлердиң жеңимпазы Рустам Жангабаев.

Салтанатлы байрам кешеси белгили көркем өнер ғайраткерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

 

Ч.ЕЛМУРАТОВ

Қарақалпақстан хабар агентлиги