Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары Аттестациялық комиссиясы тәрепинен «Сиясий институтлардың модернизацияланыўында демократизм ҳәм конституционализм принциплери (Қарақалпақстан Республикасы мысалында)» темасындағы докторлық диссертациясы ушын Қожагелдиев Абатбай Узақбаевичке сиясий илимлер 23.00.02 қәнигелиги бойынша илим докторы (DSc) илимий дәрежеси берилди.

А.Қожагелдиев 1966-жылы Мойнақ районында туўылған. Өз мийнет жолын 1991-жыл Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика-тарийх факультети кафедрасында ассистент лаўазымынан баслаған. 1991-2021 жыллар аралығында декан, кафедра баслығы лаўазымларында жумыс алып барған. Университеттиң оқыў-илимий, руўхый-ағартыўшылық ислеринде белсене қатнасып, студент жасларға өзиниң билим хәм көнликпелерин үйретип келмекте.

А.Қожагелдиев 60 тан аслам илимий мийнетлер авторы, оннан аслам сырт еллерде өткерилген халықаралық илимий конференцияларда өз мақалалары менен қатнасқан.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.