Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Аймақлардың тәбийғый-климат шараятларына сәйкес жүн бағдарларындағы қой-ешкилерди көбейтиў, азықлық базасын раўажландырыў, тери ҳәм жүнди қайта ислеў, олардан ярым таяр ҳәм таяр өнимлер ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў, жайлаў майданларында тәбийғый түрде өсетуғын геўрек плантациялары резервлеринен турақлы пайдаланыў, сондай-ақ, пиллешилик тармағының азықлық базасын көбейтиў, экспортқа мөлшерленген өнимлер ислеп шығарыў көлемин арттырыў мақсетинде:
- а) 2022-жыл 1-январьдан баслап 2025-жыл 1-январьға шекем:
ҳәр жылы жетистирилетуғын пилле (ығал пилле) өниминиң бир килограммы ушын 5 мың сум муғдарында хожалықларда пилле жетистириўши физикалық тәреплерге республикалық бюджет есабынан субсидия ажыратылатуғыны;
тутзарларды суўғарыў ушын пайдаланылған суў көлемине суў ресурсларынан пайдаланыў ушын салық ставкасы 50 процент муғдарында қолланылатуғыны;
б) шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде ажыратылған қаржылар жүн бағдарындағы қой-ешкилерди, сондай-ақ, қолда жүн ийириў, жипек гезлемелери, гилем ҳәм кийиз тоқыў үскенелерин сатып алыўға да бағдарланатуғыны;
в) Қашқадәрья ўәлаятының Ғузар ҳәм Дийқанабад районлары, Самарқанд ўәлаятының Қўшрабат районы және Сурхандәрья ўәлаятының Қумқорған ҳәм Байсун районлары жүн бағдарындағы майда малларды жетистириўге қәнигелестирилетуғыны;
г) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-ноябрьдеги «Өнерментшиликти және де раўажландырыў ҳәм өнерментлерди қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4539-санлы қарарының 9-бәнтинде нәзерде тутылған қаржыландырыў тәртиби, бурынғысынан өзгеше тәризде, қолда жип ийириўши, гилем ҳәм кийиз тоқыўшы және қой ҳәм ешки терилеринен таяр өнимлерди ислеп шығарыўшы өнерментлерге де қолланылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-февральдағы «Қаракөлшилик тармағын буннан былай да раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4984-санлы қарары менен Қаржы министрлиги тәрепинен қаракөлшилик тараўын және де раўажландырыў мақсетинде 200 миллиард сум қаржы ажыратылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
а) усы қаржылардың 50 миллиард сум бөлеги 1-басқыш сыпатында жүн бағдарындағы қой-ешкилерди жетистириўге қәнигелестирилген районлардағы исбилерменлик субъектлери тәрепинен жойбарларды әмелге асырыў ушын белгиленген тәртипте кредит ажыратыўға бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.
Онда, қәнигелестирилген районларда усы қаржылар есабынан:
республикамыздың климатына сәйкес жүн бағдарындағы қой-ешкилерди импорт етиў арқалы олардың саны арттырылады;
жайлаўларда азықлық егинлерди жетистириў көлеми ҳәм жем ислеп шығарыў қуўатлықлары арттырылады, жүн қырқыў ҳәм жыйнаў шақапшалары шөлкемлестириледи;
жүнди қайта ислеў қуўатлықлары шөлкемлестириледи және халық жүнди қайта ислеў ҳәм оннан таяр өним ислеп шығарыў бағдарында өнерментшиликке үйретиледи;
б) 2-басқышта – 2022-жыл 1-апрельге шекем Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан 50 миллион АҚШ доллары эквиваленти муғдарындағы қаржылар 1-басқыш қаржыларының қолланылыўы нәтийжелерине бола коммерциялық банклер арқалы белгиленген тәртипте кредит ажыратыўға бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
өнерментшилик тийкарында қолда шайы гезлемелер, соның ишинде, «ағла мақпал» тоқыў көлемин арттырыў ҳәм тоқылған гезлемелерди республикамызда кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
2021-2025-жыллары пиллешилик кластерлери тәрепинен тут атызларында және пахта ҳәм ғәлле майданлары әтирапында тут нәллерин егиў прогноз көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Онда, 2-қосымшаға муўапық егилетуғын тут нәллери «Өзбекжипексанаат» ассоциациясы қурамындағы пиллешилик кластерлериниң қаржылары есабынан егиледи.
- 2021-2025-жыллары:
Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети ҳәр жылы 30 миллион түп;
Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы жанындағы Академик М.Мирзаев атындағы Бағшылық, жүзимшилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институты ҳәр жылы 10 миллион түп тут нәллерин жетистирип бериўди тәмийинлесин.
- Пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў комитети, Республикалық «Қаракөлшилик» ассоциациясы ҳәм ассоциация ағзаларының:
Пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў комитетин Жипекшилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў бойынша комитети (кейинги орынларда – Комитет) деп қайта атаў;
Республикалық «Қаракөлшилик» ассоциациясын «Жайлаў хожалығын раўажландырыў» ассоциациясы (кейинги орынларда – Ассоциация) деп қайта атаў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Комитеттиң турақлы ийелигиндеги жайлаўлар аймағында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден дәрилик өсимликлерди, соның ишинде, геўрек өсимлигин жыйнаў, егиў ҳәм жетистириў Комитет пенен дүзилген ижара шәртнамалары тийкарында ҳәм онда белгиленген аймақларда әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилерге қосымша ўазыйпалар жүкленсин:
а) Комитетке:
жүнди қайта ислеў санаатында бәсекини раўажландырыў, жүн жетистириў ҳәм оны қайта ислеў бағдарындағы исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў;
жүнди қайта ислеўге өнерментлерди кеңнен тартыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге ҳәм олардың дәраматын арттырыўға жәрдемлесиў;
сырт ел инвестициялары, соның ишинде, халықаралық финанс институтларының қаржыларын тартыў жолы менен тараўды раўажландырыў;
б) Ассоциацияға:
жүн бағдарындағы қой-ешкилерди көбейтиў, жүн ислеп шығарыў көлемин арттырыў ҳәм оны терең қайта ислеў;
Комитеттиң турақлы ийелигиндеги жайлаўлардың зүрәәтлилигин арттырыў, жайлаў өимликлери туқымгершилигин жолға қойыў ҳәм геўрек плантацияларын шөлкемлестириўге жәрдемлесиў, сондай-ақ, тәбийғый ҳалда өсетуғын геўрек өсимликлеринен нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыў;
республикамыз аймақларының тәбийғый-климат шараятларына сәйкес келетуғын азықлық өсимликлер жетистириўди шөлкемлестириў ҳәм таяр өнимди жеткерип бериў бойынша усынысларды таярлаў;
республикамыз аймақларында геўректи санаат усылында жетистириў көлемин көбейтиў илажларын көриў, өнимди сатыў базарларын кеңейтиў мақсетинде марткетинг изертлеўлерин алып барыў, экспорт көлемин арттырыў бойынша әмелий жәрдем көрсетиў.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2022-жыл 1-январьдан баслап:
қаракөлшилик хожалықларына олар тәрепинен жетистирилип, экспортқа сатылған ҳәр бир қаракөл ҳәм қаракөлше терилери ушын;
жетистирилетуғын пилле (ығал пилле) зүрәәтиниң бир килограммы ушын Мәмлекетлик бюджет есабынан ажыратылатуғын субсидия Комитет тәрепинен бериледи.
Қаржы министрлиги 2022-жылдан баслап бюджет параметрлерин қәлиплестириўде тийисли қаржылардың Комитетке ажыратып барылыўын тәмийинлесин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги 2022-жыл 1-январьға шекем комитеттиң усынысына тийкарланып қой ҳәм оның гөши және гөш ҳәм жипек өнимлерин экспорт етиўде импорт бажыларын бийкар етиў мәселесин сондай импорт бажылары бар болған сырт еллер менен өткерилетуғын ҳүкиметлераралық комиссия мәжилислериниң күн тәртибине киргизсин.
- Комитет:
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем Ферғана, Наманган ҳәм Әндижан ўәлаятларында 2025-жылға шекем республикамыздың басқа аймақларында қол мийнети ушын үскенелер сатып алыўға субсидия ажырытыў системасынан кеңнен пайдаланған ҳалда, жақсы мақпал ислеп шығарыў көлемин 1 миллион метрге жеткериў илажларын көрсин. Онда, Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында Ферғана ўәлаятының районларында Жипекшилик-өнерментшилик орайларын шөлкемлестириў тәжирийбеси Наманган ҳәм Әндижан ўәлаятларында да қолланылыўы тәмийинленсин;
Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Туризм ҳәм спорт министрлиги және Транспорт министрлиги менен биргеликте халықаралық илажларда қатнасыўшы және билимлендирниў мәкемелеринде, авиа ҳәм темир жоллар системасында хызмет көрсететуғын ҳаял-қызлар кийиминде, сондай-ақ, республикамыздың дыққатқа ылайық орынларында миллий жипек гезлемелеринен пайдаланыў бойынша әмелий илажларды көрсин.
- Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Комитеттиң тийкарланған есап-санақларына муўапық, ҳәр жылы 1-октябрьге шекем кейинги жыл ушын қол мийнети ушын үскенелер сатып алыў бойынша қәрежетлерди қаплаўға берилетуғын субсидиялардың муғдарын қәлиплестирсин ҳәм белгиленген тәртипте ажыратылып барылыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери:
районларда заманагөй пиллени қайта ислеўге қәнигелескен кәрхананың жумысын жолға қойыў ушын жетерли болған азықлық базасының жаратылыўын;
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте жумыссыз халық дизиминиң қәлиплестирилиўин, олардың пиллешилик кластерлерине бириктирилиўин және пилле жетистирип, дәрамат табыў бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларының алып барылыўын тәмийинлесин.
- Инновциялық раўажланыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-жыл 1-июльге шекем илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпа талапларына муўапық наўқан қурты туқымлығы, тут жетистириў ҳәм шөл-жайлаў азықлық егинлер селекциясы, жетистириў агротехникасы тараўындағы машқалалардың илимий шешимин тәмийинлеўге қаратылған изертлеў жойбарларының таңлаў тийкарында қәлиплестирилиўин ҳәм зәрүр қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Мәмлекетлик бажыхана комитети Комитет пенен биргеликте қолда тоқылған гилемлер экспортының көлемин арттырыў мақсетинде сырт еллерден республикамыз аймағына алып кирилип атырған таяр ҳәм ярым таяр гилемлерди «бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режиминде қайта ислеп, экспорт етиўде исбилерменлик субъектлерине барлық зәрүр шараятларды жаратсын.
- Комитет, «Өбекжипексанаат» ассоциациясы ҳәм оның қурамындағы кәрханалардың 2022-жылы жетистирилетуғын пилле (тири пилле) сатып алыў баҳасын 10 процентке арттырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Комитет мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:
қаракөлшилик хожалықларына оларда жетистирилип экспортқа сатылған ҳәр бир қаракөл ҳәм қаракөлше терилери және жетистирилетуғын пилле (тири пилле) зүрәәти ушын субсидиялар ажыратыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;
нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Жипекшилик ҳәм жүн санааты комитетиниң баслығы және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўы ушын жўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме киргизип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 8-июль