Бозатаў районындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебинде қуяш энергиясынан пайдаланыў жолға қойылды. Бул ҳаққында «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ хабар берди.

Қуяш энергиясынан пайдаланыў мақсетинде мектеп имараты улыўма қуўатлылығы 320 кВт болған 7 қуяш модульлери, улыўма қуўатлылығы 2,24 кВт болған монокристалл қуяш панельлери ҳәм улыўма көлеми 400 литр болған суўды ысытыў ушын 5 монокристал қуяш батареялары менен үскенеленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.