Көпшиликтиң хабары бар, 2-июльдан баслап Өзбекстан аймағында «Twitter», «TikTok» ҳәм «ВКонтакте» сыяқлы социаллық тармақлардың жумысларында үзилислер бақланды.

Арадан көп өтпестен Өзбекстан Республикасы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы «Шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққында»ғы нызамның 271-статьясы талапларына қайшы тәризде Өзбекстан Республикасы пуқараларының шахсқа байланыслы мағлыўматларына ислеў берилип атырғаны ушын кемшиликлер сапластырылғанға шекем жоқарыда келтирилген қосымшаларды ўақытша шеклегени ҳаққында мағлыўмат берди.

Буннан алдын «Facebook», «Youtube» ҳәм усы сыяқлы сайтлар ислемей қалғанда Өзбекстанда «VPN» қосымшалары ғалабаласқан еди. Бул қосымша арқалы белгили бир аймақта блокланған сайт ҳәм социаллық тармақлардан пайдаланыў мүмкин. Соның менен бирге, халық арасында «VPN» қосымшаларынан пайдаланғаны ушын нызамшылықта жуўапкершилик белгиленген, деген пикирлер тарқалмақта.

Инспекция тәрепинен блокланған социаллық тармақлардан «VPN» қосымшасы арқалы пайдаланыўға жуўапкершилик белгиленген бе?

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан нызамшылығында социаллық тармақ ҳәм сайтлардан «VPN» арқалы пайдаланыўды шеклейтуғын ямаса оған салыстырғанда жуўапкершилик белгилейтуғын норма жоқ. Буннан көринип турғанындай, халық арасында «VPN» қосымшасынан пайдаланыў ушын жуўапкершилик болыўы ҳаққындағы түрли пикирлер тийкарсыз.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 2787-статьясында телекоммуникациялық тармақтан нызамға қайшы түрде (рухсатсыз) пайдаланыў ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген. Бирақ, Жынаят кодексиниң усы статьясы «VPN» қосымшасына тийисли емес.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.