Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилип киятырған «Ең үлгили басланғыш шөлкем» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.

Таңлаўдың тийкарғы мақсети – басланғыш шөлкемлердиң жумысларын кеңнен ен жайдырыў, олардың нәтийжелилигин арттырыў, кәсиплик аўқамлары алдында турған ўазыйпаларды ҳәм келешектеги режелерди белгилеў және өз-ара тәжирийбе алмасыўдан ибарат.

Таңлаўға қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған қырыққа шамалас басланғыш шөлкем ағзалары, сондай-ақ, жүзге шекем ҳәм жүзден аслам ағзасы бар басланғыш шөлкемлер өзлериниң ислеп атырған жумыслары, көргизбели қураллары, мультимедиалары, сүўретлери, баннерлери, видеоролликлери менен қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп көргизбелерди тамашалады. Буннан соң «Кәсиплик аўқамлары ҳәрекетинде басланғыш шөлкемлердиң тутқан орны ҳәм роли ҳаққында» атамасында таныстырыў мәресими өткерилип, баянатлар тыңланды.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажда таңлаўдың аймақлық басқышында 1-2-3-орынларды ийелеген жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Таңлаўдың республикалық басқышында белгиленген номинациялар бойынша Р.Отамбетов, К.Сейтова, Н.Алламуратова, Г.Ембергенова, М.Нызаматдинова, З.Изимбетова, Б.Генжебаев, З.Собиров, Г.Тасымбетов, Р.Мәмбетшарипова, Ш.Акимниязова, Г.Дощанова, Г.Ережепова, Я.Султамуратов, А.Рейимбаев, Х.Бабаев, П.Бабаназаров, Р.Ходжиев, Р.Саменова, Б.Айымбетова, Қ.Абдиреймов, Х.Таңирбергенов, А.Абиниязов, Қ.Даўлетовлар сыйлы биринши орынды ийелеп, Ташкент қаласында болып өтетуғын финаль басқышына  жоллама алды.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы