Ташкент қаласында Өзбекстан көркем өнер академиясы ҳәм Өзбекстан Мәденият министрлиги тәрепинен «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»на бағышлап қәнигелестирилген көркем өнер ҳәм мәденият мектеплери ҳәм мектеп-интернатларының оқыўшылары арасында «Дөретиўши жаслар» атамасындағы таңлаўдың республикалық басқышы өткерилди.
Онда қәнигелестирилген көркем өнер ҳәм мәденият мектеплери ҳәм мектеп-интернатларының «Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер» ҳәм «Дизайн» бағдарларында оқып атырған оқыўшылар қатнасты.
Таңлаўға Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем-өнер мектебиниң оқыўшылары да мүнәсип қатнасты.
Таңлаў жуўмағында усы мектептиң 10-класс оқыўшысы Райхан Наўрызбаева биринши орынды ийелеген болса, мектептиң 10-класс оқыўшылары Пазылбек Шарапов, Меҳрибан Бердимуратова ҳәм 11-класс оқыўшысы Гулдана Муратбаевалар үшинши орынды ийеледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги