Жақында Нөкис қаласындағы «Билим» баспасында Қәллибек Камаловтың қәлемине тийисли «Ел хызметинде» атамасында мемуар китабының өзбек тилинде басып шығарылыўы китапқумарлар ушын өзине тән саўға болды.

Қарақалпақ халқының белгили ақсақалы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, «Шуҳрат» медалы, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси, жақында 96-бәҳәрди қарсылаған Қәллибек Камаловтың исми тек ғана қарақалпақ елинде емес, ал пүткил мәмлекетимизде жақсы таныс.

Үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе болған ҳүрметли ақсақалдың бул шығармасында автор туўылған ўақтынан баслап өз елине басшылық еткен 1960-80-жыллар ҳәм оннан кейинги дәўирлерде жүз берген турмыслық ўақыялар толық қамтып алынған.

Қалыс ҳәм әдил руўхта жазылған бул шығарма қунт пенен оқылады, онда сүўретленген ҳәр бир жағдай оқыўшыны өмир ҳаққында терең пикир жүргизиўге шақырады.

Мийнет жолын 1942-жылы мектепте әпиўайы муғаллимшиликтен баслаған жас Қәллибек институтта оқып жүрген ўақытларынан баслап өзиниң сиясий ҳәм жәмийетлик белсендилиги менен айқын көзге тасланады.

Сол себепли оны 1949-жылы Жаслар шөлкеминиң биринши хаткери етип тайынлайды. Соннан кейин тәжирийбели ел ақсақалының узақ жыллық абырайлы басшылық жумысы басланады. Соның ишинде, ол 1951-жылы Қарақалпақстан Министрлер Совети Баслығының орынбасары, 1952-жылы Нөкис қаласы атқарыў комитетиниң баслығы, 1953-1956-жылларда коммуналлық хожалық министри, 1956-1958-жыллары Автомобиль транспорты ҳәм жоллар министри, 1958-1959-жылларда бурынғы Куйбышев районы партия комитетиниң биринши секретары, 1959-1963-жылларда Қарақалпақстан АССР Министрлер Советиниң Баслығы, 1963-1984-жылларда усы республика партия комитетиниң биринши секретары, 1984-1986-жылларда бурынғы Аўқамның Румынияның Констанца қаласындағы Бас консулы лаўазымында жумыс алып барған.

Қәллибек аға 6 мәрте бурынғы Аўқамның Жоқарғы Советине депутат етип сайланған. Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елши дипломатиялық статусына ийе болды. Оннан аслам абырайлы орден ҳәм медаллар, түрли ҳүрметли атақлар менен сыйлықланған.

1949-жылы ол садық зайыбы Любовь Семёновна менен турмыс қурып, 70 жылдан аслам дәўир даўамында аўызбиршилик ҳәм татыўлықта жасап келмекте. Екеўи шаңарақта 3 перзентти, онлаған ақлықларды камалға келтирди. Бир сөз бенен айтқанда, Қәллибек аға бүгинги күнде терең пазыйлетли нураний сыпатында мазмунлы өмир сүрмекте.

Китап қарақалпақ елиниң келип шығыў тарийхы ҳаққында илимий дәреклерге тийкарланған гүрринлер менен басланып, азы-кем жүз жыллық дәўирде жүз берген ўақыялар салыстырмалы дәлийллер тийкарында талланады. Шығармада көплеген белгили басшылардың елдиң раўажланыў жолында әмелге асырған ийгиликли жумыслары тилге алынып, олардың жумысына қалыс ҳәм әдил түрде баҳа бериледи.

Әсиресе, автор өз шығармасында 1936-жылы Қарақалпақстан Автономиялық Республикасының Өзбекстан қурамына өтиўи – тарийхый тамырлары бир болған еки туўысқан миллеттиң турмысында түпкиликли бурылыс жасаған оғада әдил қарар болғанын тән алады: «Туўысқан халықлардың бир мақсет жолында бирлесиўи үлкен бахыт ҳәм абаданлыққа қарай жол ашты. Өзбекстанның қушағында жасап, өзбек халқы менен тәғдирлес болыўымыз бизлерди бахыт-ығбалға, мол ҳәм абадан турмысқа жетекледи. Кеңпейил, ҳақкеўил өзбек халқы қарақалпақлар менен бир ата-ананың перзентлери сыяқлы аўызбиршиликте өмир сүрип, бир мақсетке қарай қәдем таслап келмекте. Алла тааланың өзи бизлерди Өзбекстан менен тәғдирлес етип жаратқан».

Қәллибек аға өткен әсирдиң орталарынан баслап өзлестирилмеген үлкен имканиятлар орны есапланған, экономикасы жетерли дәрежеде раўажланбаған Қарақалпақстанның қәддин тиклеў, соның ишинде, оның аймағында жергиликли ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе жолларды қурыў, аўыл хожалығы, шарўашылық, салышылық, санаат, қурылыс инфраструктураларын раўажландырыў ҳәм аймақларды газлестириўге киристи. Аймақта денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм илим тараўларының раўажланыўына шекси үлес қосты. Кәсиплеслери менен бир жағадан бас шығарып мийнет етип, бундай абырайлы жолда оғада үлкен жетискенликлер менен нәтийжелерге еристи.

Автор шөл ҳәм биябан болған аймақта қалай етип мийўе-овощты раўажландырыўға ерискени ҳаққында тоқталып, буның себеплерин мысаллар арқалы ашып береди: «Шарап Рашидовтың тапсырмасы бойынша 1963-жылы ерте бәҳәрде Ташкенттен бағшылық тараўының академиги,  атақлы бағман Ризамат акани республикамызға мирәт еттик. Мине усы ақсақалдың басшылығында Нөкистеги жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары студентлериниң жәрдеминде дерлик 2 мың гектар майданға түрли мийўе ағашларының нәллери егилди. Усы бағ зүрәәт беремен дегенше үш-төрт жыл ўақыт даўамында мәмлекетлик ири қаржы есабынан сақланды».

Буннан кейин колхоз, совхозлардан баслап ҳәр биринде 30-50 гектардан шөлкемлестирилген, буның нәтийжесинде 80 жылларға келип аймақ мийўе-овощ өнимлери менен өзин-өзи тәмийинлеп ғана қалмай, басқа республикаларға вагон-вагон көп түрли мийўе-овощ жибериў ҳәм халықтың дастурханын алма, жүзим ҳәм басқа да өнимлер менен мол болыўына ерискени баян етиледи.

Қәллибек Камалов өзиниң шығармасында еки туўысқан ел – өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары арасындағы дослық байланыслары және де беккемлеўге, олардың аўызбиршилиги менен татыўлығын даўамлы етиўге үлес қосқан уллы инсанлар ҳаққында айрықша тоқталады. Соның ишинде, китаптың басында оқыўшыларға қарақалпақ халқының белгили сөз шебери, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, өз елиниң сүйикли перзенти ҳәм сөнбес жулдызы Ибрайым Юсуповтың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында баҳалы мағлыўматлар бериледи. Автор Ибрайым аға менен 1945-жылдан, яғный Нөкис педагогикалық институтында бирге оқыған дәўирден баслап алпыс жылдан аслам даўам еткен дослық байланыслары ҳаққында қунт  пенен айтып береди.

Сондай-ақ, қарақалпақ елиниң үлкен байтереклери – елге  өткен әсирдиң 30-жылларынан баслап узақ жыллар басшылық еткен, мәрт, ҳадал, терең билим ҳәм тәжирийбеге ийе биринши басшылар – Пиржан Сейитов, Мәтеке аға Жуманазаров, Наўрыз аға Жапақовлар ҳаққында ибратлы пикирлери менен ортақласады. Бул ақсақаллар қыйын-қыстаўлы жоқшылық заманларында бәлентпәрўаз сөзлерден жырақ тәризде ўатансүйиўшилик, халықсүйиўшилик, жанашырлық пенен халықтың абаданлығы жолында уллы жумысларды әмелге асырғаны дыққатқа ылайық болып есапланады.

1937-1950-жылларда Өзбекстанға басшылық еткен Усман Юсуповтың қарақалпақ елине аталарша ғамқорлығы, бул мәканның гүллеп-жаснаўы ҳәм мәмлекеттиң алдынғы орайларынан бирине айланыўы жолындағы ҳәрекетлери, әсиресе, бурынғы Орайком тәрепинен «сөгис» алыўына себеп болса-да Чаржаў-Қоңырат темир жолы тармағын қурыў бағдарындағы ҳақыйқый мәртлиги қызықлы етип ашып берилген.

Китапта бурынғы Аўқам көлеминдеги айырым үлкен басшылардың аўыл хожалығы тараўындағы немқурайдылығы, саўатсызлығы ҳәм қәте идеологиялық катнасы ақыбетинде оның қурамындағы республикаларда бул бағдарда түсиниксиз ҳәм қәте сиясат алып барылғаны, тың жерлерди өзлестириў бағдарындағы бир тәреплеме ҳәрекетлердиң аянышлы ақыбетлери анық фактлер тийкарында терең талланған: «Н.С.Хрущёв партия ҳәм ҳүкимет басшылығын қолға алыўы менен аўыл хожалығы тараўын раўажландырыўға қаратылған сентябрь Пленумы (1954-жыл) өткерилди. Усыған тийкарланып әмелге асырылған колхозларды ирилендириў сиясаты бизлердиң республикада аўыл хожалығын раўажландырыўға оншелли жақсы тәсир көрсетпеди.

Машақатлы мийнет ҳәм кем зүрәәт алыў, колхозлардың оғада аз муғдарда мийнет ҳақын алыўы сыяқлы жағдайлар сапластырылмады. Сентябрь пленумының қарарына бола мәмлекеттеги барлық күшлер Қазақстан ҳәм Россиядағы тың жерлерди өзлестириўге қаратылды.

«Отыз мыңшылар» ҳәрекети басланды, бирақ бул ҳәрекет Қарақалпақстанда керекли нәтийже көрсетпеди. Тыңды өзлестириўге көбирек кеўил бөлинип, бизлердиң республикаға жаңа техника қураллары жөнли берилмеди.

Қәллибек аға өз мийнет жолы даўамында және бир халықшыл ғайраткери, данышпан ҳәм диянатлы инсан Шарап Рашидовтан да көп меҳир көргенин, ол адамның бәрқулла өзине дос сыпатында жақсы мәсләҳәтлер бергенин, қарақалпақ елине, барлық тараўлардың раўажланыўына айрықша итибар қаратқанын, сол себепли өзи ушын қәдирли ҳәм ғамқор, уллы устаз деп билетуғынын айрықша ҳүрмет пенен атап өтеди.

Шарап Рашидов аўыр пайытлар ҳәмийеше қарақалпақларға жәрдем бергенин, оғада көплеген аўыл хожалығы техникалары, қаржы ҳәм ресурслар ажыратып бериўде жәрдемин аямағаны, дос қарақалпақлардың мәплерин бәрқулла бурынғы Аўқам көлеминде де исеним менен қорғағанын атап өтеди.

Оның жәрдеминде Тақыятас ГРЭСи ҳәм плотинасының қурылысы, жүз мыңлаған халық жасайтуғын Елликқала, Жамбасқала, Қырыққыз массивлериниң бой тиклеўи пүткил Қарақалпақстанның келбетин өзгертип жибергени ҳаққындағы естеликлер менен танысып, Шарап Рашидовтың естелигине ҳүрметиңиз және де артады.

Өзбекстанның  атақлы  басшысының Тилеўберген Жумамуратов, Жолмырза Аймурзаев, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов сыяқлы қарарақалпақ жазыўшы ҳәм шайырларының дөретиўшилигин бурынғы Аўқам көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаў, олардың көп жыллық дөретиўшилик мийнетлерин мүнәсип сыйлықлаўға үлкен үлес қосқаны терең қанаатланыўшылық пенен ядқа алады.

«Ел хызметинде» шығармасында бурыңғы дүзимниң соңғы дәўирлеринде жүз берген сиясий ойынлар, аласапыранлы ўақыя-ҳәдийселерге де кеңнен орын берилген.  Тәғдирдиң иси менен мәлим мүддет Өзбекстанды басқарған айырым басшылардың ебетейсизлиги ҳәм жуўапкершиликсизлиги, еркин қарарлар қабыл етиў уқыбына ийе емеслиги, олардың бурыңғы Орайдан кадрлар  мәселесинде жәрдем сораўы, Гдлян ҳәм Ивановтың басшылығындағы жәлладлардың елимизде ислеген қылмыслары, «пахта иси» деген жала тийкарында халқымыздың ар-намысы  аяқ асты етилгенин қайғы ҳәм өкиниш пенен ядқа алынады.

Тилекке қарсы, ўақтында Қарақалпақстан Республикасының раўажланыў жолында үлкен жумысларды әмелге асырған Қәллибек Камаловтың өз де әне усындай наҳақлықлардың жәбирин тартыўға мәжбүр болды. Кейин ала Қарақалпақстанда басшы етип тайынланған инсанниң тынымсыз ҳәм системалы «ис-ҳәрекетлери» ақыбетинде ол Румыниядағы дипломатиялық лаўазымынан мүддетинен алдын шақырып алынып, узақ жыллық тергеўлерге тартылды, бир неше жыл даўамында наҳақ қамақта отырып, суд-тергеўден басы шықпады. Ол әне усы жылларда жүз берген әдалатсызлықларды өкиниш пенен еске алады.

Ел-жүрт ҳүрметине ийе болған Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримов  үлкен мәртлик ҳәм әдиллик менен әне усындай әдилсизликлерге үзил-кесил ноқат қойды. Қәллибек Камаловқа ашылған жынаят иси де пүткиллей тоқтатылып, Жоқарғы суд Пленумы қарары менен ол толық ақланды, абырайы қайта тикленди.

Әне усы аўыр ҳәм сынақлы ўақытларда да Қәллибек Камалов руўхый түскинликке түспеди. Ҳақыйқат ҳәм әдиллик болатуғынына беккем исеним оны тәрк етпеди. Ең әҳмийетлиси, ҳәр қандай жала ҳәм қарақалпақ халқының жүрегинде  өзиниң сүйикли перзентине болған жоқары ҳүрметине улыўма сая сала алмады. Қәллибек аға ақланып, бурыңғы дүзим  орайларындағы қамақханадан  жақты жүз бенен шығып келген күни қарақалпақ елинде ҳақыйқый байрамға айланып кеткени де соннан дәрек береди.

Қәллибек аға үлкен турмыслық билим ҳәм тәжирийбеге ийе ақсақал сыпатында мәмлекетимизде бүгинги күнде жүз берип атырған үлкен өзгерислерди де таллап, ибратлы пикир-усынысларын китапқумарлардың итибарына  усынды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған теңсиз реформалардың турмыслық әҳмийетин ашып бериў менен бирге, Өзбекстанның жедел алып барып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясатына жоқары баҳа береди. Әсиресе, жақын қоңсыларымыз  бенен жолға қойылған өз-ара исеним ҳәм аўызбиршиликке тийкарланған туўысқанлық қатнасықлардың әҳмийети қәндай дәрежеде жоқары екенине әҳмийет қаратады.

«Президент Шавкат Мирзиёевтиң «мен өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының перзентимен» деп айтқан сөзлери бизиң халқымыздың жүрегинде үлкен мақтаныш сезимлерин оятады»,  деп жазады автор.

Қәллибек аға өз шығармасында Арал теңизиниң қурыўы ҳәм суўсызлық ақыбетинде жүзеге келген оғада қыйын социаллық-экономикалық жағдай ақыбетлерин жумсартыў мәселеси ҳүрметли Президентимиздиң айрықша дыққат орайында турғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтеди. Тек  ғана бес ай ишинде Қоңыраттан Мойнаққа  101 километр аралыққа водопровод тармағы тартылғаны, ең шетки районға таза  өмир кирип барыўы шын мәнисинде халықтың қуўанышына айланып кеткенлигин миннетдаршылық пенен атап өтеди.

Тек Мойнақта емес, ал Нөкис қаласы ҳәм пүткил республикада заманагөй ҳәм көркем турақ жайлар, жәмийетлик объектлер қурылып атырғаны, жаңа санаат қарханалары қурылып атырғаны, көплеген жумыс орынлары  жаратылып атырғанлығы, соңғы  4 жылда қарарақалпақ үлкеси де қайта көркемлесип, абат болып атырғанлығын айрықша атап өтеди.

Сондай-ақ, шығармада қарақалпақстанлы мийнеткеш ҳаял-қызлар, алдынғы жаслардың жумысына, тил, әдебият, илим, денсаўлықты сақлаў тараўларын раўажландырыў бағдарындағы ийгиликли жумыслар ҳаққында да ҳәр тәреплеме айтып бериледи.

Қарақалпақстан баспасөзинде дәслепки мемуарлық, яғный яднама жанрындағы «Ел хызметинде» шығармасын мәмлекеттиң дерлик ярым әсирлик  социаллық-сиясий, мәдений-ағартыўшылық турмысын өзинде толық ҳәм ҳадал ислеген салмақлы илимий-изертлеў жумысы, деп баҳалаў мүмкин.

Әне усы жыллар даўамында қарақалпақ елиниң сиясий, экономикалық раўажланыўы, барлық тармақларда жүз берген раўажланыў басқышлары ҳәттеки, көпшилик архивлерде де табылмайтуғын айрықша мағлыўматлар, анық дәлил ҳәм санлар арқалы қәлемге алынып, ўақыяларға тиккелей гүўа болған басшы тилинен ықшам түрде ашып бериледи.

Қолы, дәстурханы ашық қарақалпақ елиниң абаданлығы ушын өзиниң пүткил өмирин бағышлағын, елин жанынан да артық жақсы көрген, узақ жыллық үлкен мийнетлери нәтийжесинде саҳра қушағында көркем орайлар қурған абырайлы Қәллибек Камалов ҳақлы түрде өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының жоқары ҳүрметине ийе болған инсанлардан бири болып есапланады.

Шығарманы оқый отырып, бийықтыяр өзиңизди сол ўақытларға түсип қалғандай сезинесиз. Авторға  тән кеңпейиллик, қалыслық ҳәм шын жүреги менен жазылған ўақыя-ҳәдийселердиң  орталығы, аналитикалық пикир жүргизиў қуўатлылығы, сол дәўирде жасаған шахслардың  келбети көз алдыңызда айқын көринеди. Қызықлы турмыслық ўақыялар сизге заўық бағышлайды.  Усы орында  Қәллибек ақсақалдың туўра сөзлигине, данышпанлардай пикир жүргизиўи ҳәм керек болса, дөретиўшилик шеберлигине, сөз саплаў усылларына тән бересиз.

«Ел хызметинде» шығармасы белгили дөретиўши, талантлы драматург Ғафур Шермуҳаммед тәрепинен өзбек тилине шеберлик пенен аўдарма исленген. Итибарлы тәрепи, аўдарылған китапты өзбек тилине аўдарыў процесинде автордың өзине тән баянлаў усылы, қарақалпақ әдебий тилиниң гөззаллығын сақлап қалып, өзбек тилинде және де жилўаландырыўға ерискен. Усы орында  оның  қарарақалпақ әдебиятының үлгилерин өзбек тилине аўдарыў бағдарында арттырған бай әмелий тәжирийбеси пайда бергени айқын сезиледи.

Философиялық-психологиялық таллаў ҳәм пикирлерге бай екенлиги, халықлық мақал ҳәм нақыллардан орынлы пайдаланылғаны бойынша бул шығарма қарақалпақ әдебиятының  алтын ғәзийнесинен орын алыўы да гүмансыз. Китап келешекте тарийх, философия, жәмийеттаныў, сиясаттаныў, журналистика,  мәнаўият тийкарлары, қурылыс ҳәм басқа да бағдарларда фундаменталлық илимий қолланба ўазыйпасын атқарыўына да исенимимиз кәмил.

Шынында да, усы китап оғада көплеген тараўлар бойынша айрықша мағлыўматларды өзинде жәмлеген энциклопедиялық шығарма, атап өтетуғын болсақ, оқыўшыға үлкен руўхый азық беретуғын  Өмир китабы болып есапланады.

Л.РАҲМАТОВ, журналист

ӨзА