Cпорттың аўыр атлетика түриниң powerlifting түри бойынша Наўайы ўәлаятының Зарафшан қаласында жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилди.
Оған республикамыздан 40 қа шамалас спотшылар қатнасып, жақсы нәтийжелерге еристи.
– Чемпионатқа +109 килограмм салмақ категориясында қатнасып чемпион болдым. Бунда тренерим Әдилбай Айтмуратовтың мийнетлери айрықша, – дейди Өзбекстан чемпионы Тимушин Шымбергенов. Бул спорт түри менен 6 жылдан берли шуғылланып киятырман. Усы жыллар ишинде бир қанша жетискенликке еристим. Ҳәзирги күнде Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында грант тийкарында оқып, билим алмақтаман.
Чемпионат жуўмағында Ө.Мәўленов, А.Қадиров, М.Ермамутов, Т.Шымбергенов, Б.Мурадов, Ж.Пирназаровлар бириншиликти ийелеген болса, қызлар арасында С.Абдикаримова, М.Қозыбаева, Д.Тәжибаева, Н.Аманбаева, А.Шукируллаева, С.Есбергенова, М.Жамаладдинова, Ү.Қәллибекова, Д.Базарбаевалар жеңимпаз деп табылып, Өзбекстан чемпионы болыў бахтына миясар болды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы