Быйылғы жыл Қарақалпақстан спорты тарийхында умытылмас жыллардыӊ бири болып есапланады. Себеби, республикамыз спорты тарийхында бурын болмаған ўақыялар жүз берди. Атап айтқанда, ҳәзирги күнге шекем республикамыз спортшылары арасынан Жалғасбай Бердимуратов, Зайнаб Дайыбекова, Шарафатдин Балтабаев, Адилбек Юсупбаев ҳәм Шерзад Мамутов сыяқлы спортшыларымыз Токиода болып өтетуғын Олимпиада ойынларына жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги усы аты аталған спортшыларды жәмийетшиликке танытыў мақсетинде олардыӊ басып өткен өмир жоллары ҳаққында мағлыўматлар топлап, оқыўшыларымыз нәзерине усыныўды нийет етип жумыс баслады.
Қарақалпақстан спортында тарийхый нәтийжени қолға киргизген спортшылардыӊ бири бул грек-рим гүреси бойынша палўанымыз Жалғасбай Бердимуратов болып табылады.
Ол 1997-жылдыӊ 27- март күни Қараөзек районыныӊ «Есимөзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Аталық» аўылында Бердибай Халмуратовтыӊ шаӊарағында туўылып, усы аймақтағы 10-санлы мектепте оқып билим алады.
9 жасында әкесинен айрылып турмыстыӊ ашшы-душшы сынақларынан өтиўге мәжбүр болған бул палўанымызға әдиўли анасы Зерхан Жуманазарова ҳәм 10-санлы мектеп жәмәәти тәлим-тәрбия берип, халық қатарына қосады.
Кишкенелигинен палўан тулғалы спортқа қызығыўшаӊ болып өскен бул бала Нөкис Олимиада резервлери мектеп-интернаты тренер-оқытыўшысы Рустам Ерназаровтыӊ нәзерине түсип, 2010-жылы усы оқыў дәргайына оқыўға қабылланады. Бул жерде устазы Рустам Ерназаровтыӊ басшылғында грек-рим гүресиниӊ әлўан түрли сырларын үйрениўге миясар болған Жалғасбай Бердимуратов ҳәр қыйлы көлемдеги жарысларға қатнасып, өзиниӊ шеберлигин көрсете баслайды.
Атап айтқанда, ол 2013- жылы Ташкент қаласында өткерилген аға-ини Рузиқуловлар сыйлығы ушын Ашық бириншиликте 1-орын, 2013-жылы Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Республикалары мәмлекетлери Ғәрезсизлиги байрамына бағышланып Ташкент қаласында өткерилген турнирде 3-орын, 2014-жылы Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан кубогинде 3-орын, 2015-жылы аға-ини Рузиқуловлар сыйлығы ушын Ашық бириншиликте 3-орын, 2015-жылы Наўайы қаласында өткерилген Өзбекстан чемпионатында 2-орын, сол жылы Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан кубоги, 2015- жылы Латвияныӊ Даугавпилс қаласында өткерилген Халықаралық турнири, 2016- жылы Өзбекстан чемпионатында 1-орынды, 2016-жылы Филиппин пайтахты Манила қаласында өткерилген Азия чемпионатында 3-орын, 2016-жылы Өзбекстан кубоги ҳәм чемпионатында 1-орын, 2016-жылы Франция мәмлекети Монако қаласында өткерилген Жәҳән чемпионатында 3-орынды ийелеп, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ дене тәрбия ҳәм мәденияты факультетине имтихансыз оқыўға кириўге миясар болады.
Усындай үлкен табысларды қолға киргизип студент болғаннан соӊ да арқайынлыққа берилмеген Жалғасбай устазы Рустам Ерназаров пенен жалықпастан шынығыўлар алып барып, Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубогинен тысқары, бир қатар халықаралық жарысларға қатнасып, елимиз байрағын көклерге көтериўге миясар болады. Атап айтатуғын болсақ, Жалғасбай 2017-жылы Тайвань мәмлекети Тайчжун қаласында өткерилген Азия чемпионатында 2-орын, 2017-жылы Россия Федерациясыныӊ Москва қаласында өткерилген “АЛРОСА” кубоги ҳәм
2018-жылы Қазақстанныӊ Астана қаласында өткерилген халықаралық турнирде 2-орынды, 2018-жылы Францияныӊ Монако қаласында болып өткен Жәҳән чемпионатында 3-орын, 2018-жылы Қырғызстан пайтахты Бишкек қаласында болып өткен халықаралық турнирде 1-орын, 2019-жылы Нур-Султан қаласында өткерилген халықаралық жарыста 2-орын, 2019-жылы Беларусь мәмлекети пайтахты Минск қаласында өткерилген халықаралық турнирде 3-орын, 2019-жылы Нур-Султан қаласында өткерилген Жәҳән чемпионатында 3-орынларды ийелеп, Токиода болып өтетуғын Олимпиада ойынлары жолламасын қолға киргизиўге миясар болды.
Жалғасбай буннан кейинги өткерилген жарысларда да өзиниӊ ҳәр тәреплеме күшлилигин көрсетип, 2020-жыл 18-23-февраль күнлери Ҳиндстанныӊ Дели қаласында өткерилген Азия чемпионатында 3-орын, 2021-жылдыӊ 13-18-апрель күнлери Қазақстан Республикасы Алмата қаласында өткерилген «Osiyo chempionships» спорт жарысында I-орынды ийелеп, пүткил халқымызды шексиз қуўанышқа бөледи.
2021-жылы университетти оқып тамамлаған ол Өзбекстан Республикасы Миллий Гвардия Қарақалпақстан Республикасы бойынша бас басқармасы хызметкери болып ислеп келмекте.
-Әпиўайы аўыл баласыныӊ усындай табысларды қолға киргизиўи бизлерге, әсиресе, қараөзекшилерге үлкен қуўаныш бағышлап, оқыўшыларымыздыӊ спортқа деген қызығыўшылығын арттырады,-дейди бизге Қараөзек районындағы 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ директоры Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Халық билимлендириўи ағласы Бахытгүл Бәўетдинова.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги