Сайлаў-2021
Мәмлекетимизде быйылғы жылы әҳмийетли сиясий илаж – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтеди. Болажақ сайлаўға таярлық процесслерин үйрениў ушын халықаралық бақлаўшылар миссиялары келе баслады.
Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы Мүтәжликлерди баҳалаў миссиясы экспертлери 24-май күни мәмлекетимизде өз жумысын баслады.
Сапардың биринши күни ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының сайлаўлар бойынша үлкен мәсләҳәтшиси А.Громов ҳәм усы Бюроның сайлаўлар бойынша мәсләҳәтшиси М.Баркер-Циганикова Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Фарҳод Арзиев пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда ЕҚБШ ДИИҲБ делегациясына мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, нызам үстинлиги, сөз ҳәм баспасөз еркинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин ҳәр тәреплеме қорғаў, гендер теңлигин алға қойыў, жасларды қоллап-қуўатлаў және улыўма тән алынған халықаралық нормалар тийкарында сайлаў нызамшылығын жетилистириў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Сыртқы ислер министрлиги ҳәм мәмлекетимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилликханалары тәрепинен сырт елде болып турған Өзбекстан пуқараларының конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыўға жәрдем бериў бағдарындағы жумысына айрықша итибар қаратылды.
Атап айтқанда, сайлаўда қатнасыў ушын онлайн дизимнен өтиў, орынларға шығып мүддетинен бурын даўыс бериў әмелиятын енгизиў ҳәм басқа да әмелий илажлар ҳаққында атап өтилди.
Сайлаў бойынша экспертлер сол күни Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының биринши орынбасары Р.Маҳмудова менен де ушырасты.
Сөйлесиў ўақтында мийманларға мәмлекетимиздиң суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар, бул бағдардағы нызамшылықты беккемлеў, суд системасы структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў, судлар жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы мақсети – суд ҳәкимиятының еркинлиги, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў және әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўдан ибарат.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм ЕҚБШ арасында кең көлемли бирге ислесиў орнатылғаны атап өтилип, өз-ара бирге ислесиў келешекте де унамлы нәтийжелерди беретуғынына исеним билдирилди.
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде болып өткен ушырасыўда министрдиң биринши орынбасары Г.Маруфова мийманларға соңғы жылларда мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, ҳаяллар қурамынан кадрлар резервин қәлиплестириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, сайлаўларда қатнасатуғын ҳаял-қызлар ушын енгизилген квоталар ҳаққында айтып берди.
Делегация ағзалары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиндеги ҳаял-қызлардың үлеси, ҳаял-қызларды зорлықтан қорғаў ушын жаратылған реабилитация орайлары, мәҳәлле институтының шаңарақларды қоллап-қуўатлаўдағы орны ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болды.
Ушырасыўда мәкан пуқаралар жыйынларының сайлаў процесиндеги орны, сайлаўлардың улыўма тән алынған халықаралық нормалар шеңберинде өтиўин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслары ҳаққында пикир алысылды.
ЕҚБШ ДИИҲБ миссиясы экспертлери Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде де ушырасыў өткерди. Онда мийманларға Өзбекстан сайлаў нызамшылығындағы өзгерислер, министрликтиң жумысына байланыслы мәселелер бойынша мағлыўматлар берилди.
С.РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы