Өзбекистан Республикасы Президенти саўғасы ушын ҳәр жылы өткерилип киятырған «Ташаббус» таңлаўы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға, тараў ўәкиллери ерисип атырған жетискенликлерди үгит-нәсиятлаўға, жасларда мүлк ийеси болыў сезимин күшейтиўге, исбилерменликтиң имканиятларын жүзеге шығарыўға хызмет етпекте.
Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышында жәми 44 исбилермен, фермер ҳәм өнермент қатнасып, олардың тоғызы тийкарғы бағдарлар бойынша орын ийелеп, 19 қатнасыўшы қосымша номинациялардың жеңимпазы болған еди. Соның ишинде, «Кардар» өндирислик кәрханасы» ЖШЖ жеңимпазлар қатарында таңлаўдың Өзбекистан Республикалық басқышына қатнасып, екинши орынды ийеледи ҳәм республикамыздағы исбилерменлик жумысының абыройын арттырыўға еристи.
Кәрхана баслығы М.Шымбергенов өз жумысын 2014-жылы 34 адам менен баслаған болса, бүгинги күни оның кәрханасында 150 адам жумыс ислемекте. Соның 61 и колледж питкериўшилери болып есапланады. Банктен кредит алмастан өз қәрежетлери есабынан жумысты шөлкемлестирип, бүгинги күнде 100 ге шамалас түрдеги өнимлерди ислеп шығармақта.
Кәрхана тийкарынан заманагөй офис ҳәм үй мебельлерин, медициналық үскенелерди, темир буйымлар, есик ҳәм дәрўазалар, балалар майданшалары ушын аттракционлар, үнемлеўши ысытыў қазанларын, фонар, пәнжере ҳәм басқа да өнимлерди таярлап, сатыў менен шуғылланады.
Усы кәрхана тәрепинен шөлкемлестирилген бир неше кәрханалар («ADIL METAL PRODUCTION» МЧЖ, «GULNAZ MED DIAGNOSTIC» МЧЖ), фермер хожалықлары («KARDAR AGRO FRUITS» ФХ, «KARDAR PRO EXPORT» ФХ), Ташкент қаласындағы Урикзор саўда комплексиндеги «Кардар» фирма дүканы халық ийгилигине хызмет етпекте.
Кәрхананың дәраматы жылдан жылға артып, 2015-жылы улыўма түсим 2 миллиард 515 миллион сум, ал сап пайдасы 1 миллиард 283 миллион сум болған болса, 2016-жылдың жуўмағы бойынша улыўма түсим 8 миллиард 831 миллион сум, ал сап пайдасы 2 миллиард 973 миллион сумнан асты. Бул кәрхана жумысларының жақсы шөлкемлестирилгенлигинен дәрек береди.
2015-жылы кәрхана баслығы М.Шымбергенов елимиздиң экономикасын раўажландырыўға қосқан айрықша хызметлери ушын «Шухрат» медалы менен сыйлықланды.
Кәрхана баслығы, әлбетте, бул көрсеткишлери менен шекленбестен, жумысын еле де раўажландырыў нийетинде. Ол 2017-жылы өндирис көлемин 15 миллиард сумға, ал жумысшылардың санын 250 ге жеткермекши. Соның менен бирге, жойбар баҳасы 900 мың АҚШ долларына тең электрошит, ысытыў қазанлары, суў ысытқыш ҳәм радиаторлар ислеп шығарыўға мөлшерленген завод қурыўды режелестирмекте. Кәрхана шет ел өнимлери менен бәсекиге шыдамлы, жәҳән стандартларына сәйкес келетуғын өнимлерди халыққа жеткерип берип экпортқа шығарыўды ҳәм Қытай мәмлекетинен қосымша әсбап-үскенелер алып келиўди режелестирмекте.
-«Ташаббус» таңлаўы ҳәр жылы Өзбекистан Саўда-санаат палатасы тәрепинен шөлкемлестирилип келинбекте. Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет – аймақларда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти жедел раўажландырыўды хошаметлеўши бизнес орталығын жаратыў, елимиздиң экономикасында жеке сектордың үлеси менен әҳмийетин арттырыў болып табылады,-дейди Өзбекистан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасының қәнигеси Г.Туреева.
Әлбетте, елимизде исбилерменликти раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Жаратылған имканиятлардан ҳәм жеңилликлерден пайдаланып исбилерменлик жумысын нәтийжели алып барып атырған М.Шымбергенов сыяқлы заманласларымызға әўмет тилеймиз.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.