Дәрибай Тәжимуратовтың дөретиўшилик устаханасының босағасынан атлап өткениңизден баслап өзиңизди қандай да бир басқа әлемге түсип қалғандай сезесиз. Бул әлемде сизди художник ҳәм мүсиншиниң ойы, таланты, философиясы, тынымсыз дөретиўшилик ҳәм излениўи себепли дүньяға келген, рәң-бәрең сүўрет, мүсиншилик, графикалық шығармалары қоршап алады. Олардың ҳәммеси сизди сәўбетке шақырады, философия дүньясына жетеклейди. Мениң итибарымды көбирек графикалық сүўретлер өзине тартты. Оларда қандай-да бир улыўма инсаныйлық қәдириятлардың сәўлелениўин сезгендей болып, жүрегимди толқынландырды. Итимал, өзим бахытлы ҳаял, өмирлик жолдасыма садық яр, ана болғаным ушын ба, солай етип сүўретшиниң «Үмит» деп аталған графикалық листи алдында бираз тоқтап, терең ойланып қалдым, нәзеримде, ҳәттеки, ўақыт та мениң менен бирге тоқтап қалған сыяқлы сезилди.
Әлбетте, шаңарақ деген муқаддес тема, қайсы бир саламат инсанды, қәле ол еркек болсын, ямаса ҳаял, бийпәрўа қалдыра ма? Шаңарақ қурыў, оны қорғаныңдай беккем етип қурыў, оны қәўип ҳәм қыянетлерден қорғаў….
Жоқарыдағы инсаныйлық түсиниклер бул шығармада ақ-қара графикалық сүўретлеў усылында ҳәм жоқары талант пенен сүўретленген. Бир қарағанда сюжет оғада әпиўайы сыяқлы, ер ҳәм ҳаял. Бир тән бир жан болып ажыралмас болып отырғанына қарамастан, итибар берсеңиз олардың жүзлеринде ҳәр қыйлы сәўлелениўди көресиз. Екеўи де еки түрли ойларының қушағында, бирақ екеўиниң арзыў-әрманлары бир – шаңарақ деген қорғанды беккемлеў екенлиги, өмир бойы бир-бирине үстин болып жасаў.
Художник ҳаялдың қолында мәйекти сүўретлейди. Бизге белгили, философиялық мәнисте мәйек – бул жана өмирдиң пайда болыўы ҳәм камалға келиў белгиси болып есапланады. Әййемги ата-бабаларымыз, ҳәттеки, мәйекте бәҳәр ҳәм қүяш тымсалын, жақтылық ҳәм жыллылық мәнисин көрген. Арзыў-әрманлар қушағындағы ҳаялдың беккем қорғаўшысы сыпатында қоршап турған ер адамның қолларына итибар берсеңиз, Алпамыстың қүдиретин сезесиз. Бүгинги күн қарақалпақ сүўретлеў көркем өнериниң ири ғайраткерлеринен бири болған Дәрибай Тәжимуратов бул шығармасы арқалы ҳәр қандай жәмийет ушын оның дәслепки буўыны болған шаңарақтың беккемлигин ер ҳәм ҳаял бул бирден-бир және беккем қорған, жар образында сүўретлейди. Художник сүўретлеген шаңарақ деген жар соншелли беккем – оған ҳеш қандай боран ҳәм даўыллар да қәўип туўдыра алмайды, буза алмайды. Шығарма тамашагөйди сөзсиз оған исендиреди. Урпақ, келешек әўлад, бул қорғанның даўамшылары да әйне Ер ҳәм Ҳаял, Ата ҳәм Ананың меҳри менен садықлығы себепли дүньяға келеди. Тарийхтың шығыры усы тәризде айлана береди. «Үмит» болса өзбек ҳәм қарақалпақ миллетлерине сай ҳәм тән болған шаңарақ қәдириятларын қәстерлеп сақлап, келешек әўладларға жеткериў ушын бәринен бурын ҳаял ҳәм еркекти садықлық ҳәм опадарлық, сабыр-тақат пенен жасаўға ийтермелейди, шаңарақ сыяқлы қәдирияттың қәншелли муқаддес түсиник екенлигин көрсетеди.
Шоҳиста Абдурахманова,
көркем өнертаныўшы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги