Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап елимизде ғалаба хабар қуралларының жәмийетлик турмыста тутқан ролин арттырыў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, журналистлик кәсиптиң абыройын күшейтиў, тараў хызметкерлериниң мийнетин ҳәр тәреплеме хошаметлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳәр жылы 27-июнь күни пүткил елимиз бойлап баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни кең түрде белгиленеди. Байрам қарсаңында Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы, Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Кеңесбай Реймов пенен ушырасып, өзимизди қызықтырған бир қатар сораўларға жуўап алдық.
-Кеңесбай Бегдуллаевич, бүгинги күни ғалаба хабар қураллары хызметкерлери алдында турған тийкарғы ўазыйпалар нелерден ибарат?
-Тез пәтлер менен раўажланып баратырған ҳәзирги глобалласыў дәўиринде, соның менен бирге жәҳәнниң айрым еллеринде жүз берип атырған қарама-қарсылықлар ҳәм информациялық ҳүжимлер ҳәўиж алған бир пайытта ғалаба хабар қуралларының орны ҳәм әҳмийети ҳәр қашанғыдан да артып бармақта.
Буны жақсы түсинген республикамыздың журналистлери дәўир менен тең қәдем таслаған ҳалда, Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басшылығында елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемдеги реформалардың мазмун-мәнисин, оның әҳмийетин кең жәмийетшиликке өз ўақтында жеткериў, халқымыздың руўхый дүньясын байытыў жолында аянбай мийнет етип келмекте.
2017-жылдың «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» деп жәрияланыўы, соның менен бирге, 2017-2021-жыллларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның қабыл етилиўи тараў хызметкерлериниң алдына жаңадан-жаңа ўаыйпалар ҳәм мақсетлер қоймақта. Атап айтқанда, журналистлеримиздиң турмысымыздың барлық салаларына еледе терең кирип барыўы, жәмийетимизде жүз берип атырған ҳәр қандай ўақыяларды кеңирек ашып бериўи, пуқараларымызды ойландырып жүрген, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды алып шығыўда олардан еле де пидайылық, дөретиўшилик қатнас ҳәм белсендилик талап етилмекте.
Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының өткен жылдың декабрь айында болып өткен гезексиз конференциясында тараў хызметкерлериниң кәсиплик маманлығын арттырыў, дөретиўшилердиң мийнетин мүнәсип хошаметлеў бағдарында исленип атырған кең көлемли жумыслар менен бир қатарда келешекте әмелге асырылыўы тийис болған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды. Илажда аўқамның Уставына айырым өзгерислер киргизилип, ағзалыққа қабыл етиў мәселеси додаланды.
-Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен биргеликте өткерилип киятырған республикалық таңлаўлардың абыройы жыл сайын артып бармақта. Бул илажларға журналистлеримиздиң қатнасын қалай баҳалайсыз?
-Ҳәр жылы республикамыздың ғалаба хабар қураллары Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен өткерип киятырған грант-таңлаўларына белсене қатнасып, жеңимпазлар қатарынан орын алып келмекте. Өткен дәўирде «ТТВ-Төрткүл», Елликқала жергиликли телевидениелери, «Нукус ФМ» радиосы, «www.amunews.uz» веб-сайты редакциясы, «Тараққиёт кўзгуси», «Қарақалпақ әдебияты», «Менинг оилам», «Ақманғыт таңы», «Кегейли турмысы», «Ғәзийне», «Тахтакөпир таңы», «Жеткиншек», «Гүлайым», «Нөкис пединституты», «Нөкис ҳақыйқаты», «Шымбай ҳаўазы», «Қарақалпақстан жаслары», «Қарақалпақ әдебияты», «Мәденият ҳәм спорт» газеталарының редакциялары жеңимпаз болған болса, быйылғы жылғы таңлаўда «Қарақалпақстан ҳаўазы» газетасы редакциясының «Буны бәршемиз билиўимиз керек!», «Қарлығаш» балалар әдебий журналы редакциясының «Жас дөретиўши-китапқумарлар!», «Әмиўдәрья» журналы редакциясының «Китаплар досларым мениң» темасындағы жойбарлары жеңимпаз деп табылды.
Республикамызда әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумысларды кең ҳәм анализли жәриялағаны ушын «Нукус ФМ» радиосының редакторы Улбоған Еримбетова быйылғы жылы «Алтын қәлем» миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда үшинши орынды, кәсиплик байрам мүнәсибети менен дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Жылдың ең белсенди журналисти» таңлаўында «Еркин Қарақалпақстан» газетасының бөлим баслығы Несибели Мәмбетирзаева, Қарақалпақстан телевидениесиниң редакторы Парахат Султамуратов, елимиз ғәрезсизлигиниң жигирма бес жыллығына бағышланған «Ең уллы, ең әзиз» дәстүрий таңлаўында жазыўшы Алланазар Әбдиев пенен Гүлмира Палўанова, Өзбекистан бийғәрез баспасөз ҳәм мәлимлеме агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қоры тәрепинен өткерилген «Жәмийет ҳәм мен» таңлаўында «Мәденият» газетасының редакторы Гүлмира Палўанова жеңимпаз болды.
Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиўши бийғәрез институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими менен биргеликте журналистлердиң билимин жетилистириў, олардың кәсиплик шеберлигин арттырыў, қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеўде тараў хызметкерлериниң ўазыйпалары, журналист қәнигелерин таярлаўдың бүгинги жағдайы, өз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў, заманагөй технологиялардан кеңнен пайдаланыўдың абзаллықлары ҳәм басқа да әҳмийетли темаларда семинарлар, дөгерек сәўбетлери турақлы өткерилип келинбекте. Интернет журналистикасын раўажландырыў, алдыңғы мәлимлеме технологияларынан кеңнен пайдаланыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Өткен жылдың 13-15-декабрь күнлери Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Ферғана ўәлаяты бөлиминиң бир топар журналистлери өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм Аралбойы регионындағы соңғы жыллары әмелге асырылған унамлы өзгерислер менен жақыннан танысыў мақсетинде республикамыз болды. Мийманлар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде, И.В.Савицкий атындағы көркем-өнер музейинде, Үстирт газ-химия комплексинде, Елликқала районында, «Еркин Қарақалпақстан»-«Вести Каракалпакстана» газеталарының редакцияларында, Қарақалпақстан телеорайында болып, журналистлер менен өз-ара тәжирийбе алмасты. Жақын күнлерде республикамыз журналистлериниң Ферғана ўәлаятына сапары режелестирилмекте.
Айрықша атап өтиў керек, Қарақалпақстан хабар агентлиги менен биргеликте усы жылдың май айында Өзбекистандағы орайлық ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын медиасаяхат шөлкемлестирилди. Бул Президентимиздиң усы жыл 18-январдағы «2017 2021-жыллар аралығында Арабойы регионын раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы қарарында белгиленген экотуризмди раўажландырыў бағдарындағы дәслепки қәдем болды.
-Кәсиплик байрам мүнәсибети менен қандай илажлар өткериў нәзерде тутылмақта?
-Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети мәжилис протоколы менен байрам алдынан өткерилетуғын илажлар тастыйықланды. Быйылғы жылы байрамның Мүбәрек Рамазан айы күнлерине туўра келиўине байланыслы тараўда көп жыл жемисли мийнет еткен мархумларға ҳүрмет көрсетиледи. Олардың қәбирлерине зыярат етилип, әтираплары абаданластырылады. Нөкис қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте «Қаламызды абат етейик!» сүрени менен экологиялық акция өткерилди. Пайтахтымыздың пайызлы орынларының биринде тараў нураныйлары ушын ушырасыў өткериў белгиленген. Күни кеше байрам мүнәсибети менен азық-аўқат өнимлери ҳәм хожалық тутыныў буйымларының ярмаркасы шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, республикамыздың дыққатқа ылайық орынларына саяхатлар шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта. Тийкарғы байрам салтанаты Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында өткерилип, республикамыз көркем өнер ғайраткерлери ҳәм жас талант ийелериниң концерт бағдарламасы қойып бериледи.
-Кәсиплеслеримизге байрам тилеклериңиз?
-Республикамыздың гүллән баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин, машақатлы кәсипте узақ жыллар жемисли мийнет еткен, бүгинги күни ҳүрметли дем алыстағы ветеранларымызды жақынласып қалған кәсиплик байрамы менен қутлықлайман. Шаңарақларына аманлық, өзлерине беккем денсаўлық, дөретиўшилик жумысларында тасқын табыслар тилеймен.
Сәўбетлескен: Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.