Бүгин, 2021-жыл 5-май күни Ташкент халықаралық аэропортына гуманитарлық жүк пенен узақ күтилген алтыншы «арзыў қанатлары» Boeing  787 келип қонды, деп хабар бермекте «Uzbekistan Airways».

Атап өтилиўинше, Boeing  787 деги бизнес-класс бөлими толық жатыў орлығы менен тәмийинленген, эконом класста болса орынлықлар арасындағы аралық кеңейтилген.

«Алтыншы Boeing  787 Өзбекстанға SARS COVID – 2 тарқалыўына қарсы гүресиў шеңберинде үшинши партия гуманитарлық жәрдеми менен келди, кейин ала гуманитарлық жүк Арал теңизи  аймағына жөнетиледи», делинеди хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги