Бүгин, 2021-жыл 5-май күни Ташкент халықаралық аэропортына гуманитарлық жүк пенен узақ күтилген алтыншы «арзыў қанатлары» Boeing 787 келип қонды, деп хабар бермекте «Uzbekistan Airways».
Атап өтилиўинше, Boeing 787 деги бизнес-класс бөлими толық жатыў орлығы менен тәмийинленген, эконом класста болса орынлықлар арасындағы аралық кеңейтилген.
«Алтыншы Boeing 787 Өзбекстанға SARS COVID – 2 тарқалыўына қарсы гүресиў шеңберинде үшинши партия гуманитарлық жәрдеми менен келди, кейин ала гуманитарлық жүк Арал теңизи аймағына жөнетиледи», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги