9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

Буннан саррас 25 жыл алдын «Еркин Қарақалпақстан» газетасында өндирислик практикада болған пайытымда мийнет ветераны, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы, журналист, баспасөз жанкүйерлериниң бири,  газеталарда бас редактор, китап саўдасы тараўында басшылық еткен устаз ақсақалымыз Меңлибек ата Әбдиреймов пенен сәўбетлесиў бахтына миясар болдым. Меңлибек Әбдиреймовты танымайтуғын, билмейтуғын адам шенде-шен шығар.

Баспасөз ветераны Меңлибек ата Әбдиреймов газеталарда бас редактор, китап саўдасы тараўында басшылық етип, қайнаўытқан өмириниң ортасында жүрген устаз журналистлеримизден. Қаншадан-қанша устазлар, қаншадан-қанша шәкиртлер ислескен ҳүрметли устазымыз екинши жер жүзилик урыс жылларындағы қәлемин әскерий қуралға айландырған ўақыяларын сөз етип берди. Мен болсам, оны ақ қағазға түсирдим.

«-Екинши жер жүзилик  урыс жылларында урыста оң қолымнан айрылып, аўыр жарадар болып елге қайтып келгеннен кейин, 1944 жылдың ноябринде мени Мойнақ районының «Қызыл балықшы» ҳәзирги «Арал балықшысы» газетасына редактор етип бекитти. Урыс жылларындағы қыйыншылықлар өз алдына. Газетаға материал жыйнаў, оны шөлкемлестириўдиң өзи өз алдына бир мүшкил ис еди. Ҳәрип териўшилердиң жайлары суўық, муздай темирлерди таң азаннан қара кешке шекем услап, пидәкерлик пенен мийнет етиўдиң өзи бир дәстан, бир тәрийх. Ал, газеталар машинада қол менен айландырылып басылатуғын еди.Баслы ўазыйпамыз-газетаның турмыс пенен тығыз байланыста болыўы,  кемшиликлер менен табыслардың толық қамтылыўы, жақсы безелиниўи болды.

Екинши жер жүзилик  урыс жылларында журналистлер жан күйдирип ислеп, жеңисти тезлетиўге салмақлы үлес қосты.

Сол гезде «Қызыл Қарақалпақстан» деп аталатуғын газетаға нәзер аўдарсаңыз, фронтқа жәрдем бериў бойынша жылда исленген үлкен жумыслар, фронттағы жаўынгерлердиң ана сүтин ақлаў бойынша душпанға қарсы гүресте көрсеткен қаҳарманлық ислери көз алдыңызда елеслейди.

Мәселен, сол жыллары «Қызыл Қарақалпақстан» да өзбек халқының өзбек жаўынгерлерине хаты жәрияланды. Усы газетаның бир данасы Сталинград фронтында жүрген бизлерге де барып жетти. Қарақалпақстанлы жаўынгерлер газетаны қолдан қолға алып оқыдық. Бул хат өзбек халқының немец-фашист басқыншыларына қарсы саўашқа атландырған ҳадал перзентлерине өз наказлары еди. Олар Өзбекстанның қуяшлы, бағлы еллердиң душпан басқылап атырған жерлер деп билиўди, душпан аяқ-асты еткен жерлерди тезирек душпаннан азат етиўди буйырды. Бизлер олардың буйрығын булжытпай орынлайтуғынымды билдирип жазған жуўабымыз фронт газетасында басылып шықты. Бизлер сөйтип уллы жеңиске ылайықлы үлес қостық. Онда газетаның роли айрықша болды…

Ол Екинши жер жүзилик  урыс жылларында өткир қәлемлерин әскерий қуралға алмастырған, фронтларда қаҳарманларша саўаш жүргизген  өз елиниң азатлығын душпаннан мәртлик пенен қорғап қалған аўылласларын, рабочий аўыл хабаршыларын мақтаныш пенен еске түсирди. Олардан Ғайбулла Балтабаев, Жумат Ҳабибуллаев, Сапар Курбанов, Әбдисәмет Алдашов, Сабыр Нуржанов ҳәм тағы басқалар туўралы узақ гүрриң етти. Фронттағы жаўынгерлер-журналистлер халықты душпанға қарсы гүреске руўхландырды, республика мийнеткешлерин фронт ушын қаҳарманлық мийнетке жигерлендирди. Журналистлер ҳәр қандай кишкене фактлерди де халқымызға жеңиске исенимди туўдырыў мақсетинде пайдаланып, фронт ушын исленген ҳәр бир жумыс фронтқа жыйналған қаржының ҳәр бир манаты душпанға атылған оқ пенен барабар екенин түсиндирип барды. Усы дәўирлерди басынан өткерген журналистлерден Исмаил Сағитов, Исмаил Султанов, Сейткамал Бекназаров, Мүйет Өтемуратов, Жалғас Абдуллаевлардың ҳәр бириниң ислеген мийнетлериниң өз алдына бир дәстан болатуғынын уқтырды.»

Мен оның еске түсириўлерин тыңлап, Қарақалпақстан баспасөзиниң жылнамасын оқығандай болдым. Меңлибек атаның айтқан ҳәр бир сөзи тасқа басқандай нық ҳәм мәнили еситилди. Мен ҳақыйқый журналистлик кәсипке пидайы инсанды көрип, кеўлим әдеўир көтерилди. Ол урыстан кейин де өзиниң шеп қолы менен –ақ өмир шыңлығын жазып, журналистлик кәсиптиң садық досты болғанын билдим. Узақ жыллар «Совет Қарақалпақстаны» газетасының редакторы, Нөкис полиграф комбинатының директоры, китап саўдасы мекемесиниң баслығы, мәмлекетлик телерадио комитети баслығының орынбасары лаўазымларында ислеп, журналистлик хызметтиң жайнаған үлгилерин көрсеткени буған дәлил.

Меңлибек Әбдиреймовтың Екинши жер жүзилик  урыс жылларындағы Қарақалпақстан баспасөзи тарийхы ҳаққындағы еске түсириўлери  өз алдына китап болатуғынына кәмил исенип, усындай әжайып инсанлар менен сәўбетлес болғаныма қуўандым. Сол күни  атамыз жасайтуғын Нөкис қаласындағы Мойнақ көшесинде жасаған үйи жақын-жуўықларға лық толы еди.   Оны Уллы Жеңис байрамы менен қызғын қутлықлап келип атырғанлардың ишинде баспасөз хызметкерлери де көп еди. Атамыз болса,   урыс бәлесин ҳеш ким көрмесин деп, ақ пәтиясын берип отыр. Ўатан ушын отқа шаршылған ветеран аталарымыздың бәри-бәрине бахытлы ғаррылық несип етсин дедим. Бул мениң Меңлибек атама шексиз меннетдаршылығымның бир белгиси болар деп ойлайман. Ол мени Екинши жер жүзилик  урыс жылларындағы Қарақалпақстан баспасөзиниң «тири архиви»не қарай қәдем таслаўыма ийтермеледи. Журналистлик кәсибине деген ықлас-интамды әдбен арттырды.

Екинши жер жүзилик  урыс жылларындағы Қарақалпақстан баспасөзи Жеңисти тезлетиўге Ўатанымыздың бирлигин сақлап мәртлик көрсеткен ҳәм усындай азат Ўатанды бизлерге мийрас еткенлердиң қәдирине жетиўимиз, оларға хызмет етиў ҳәр биримиздиң перзентлик парызымыз.

Миясар ҚАБУЛОВА,

журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги