Сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов 27-апрель күни Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Өзбекстандағы жойбарларының муўапықластырыўшысы, елши Жон Мак Грегорды мәмлекетимиздеги миссиясы жуўмақланып атырғаны мүнәсибети менен қабыл етти.

Жон Мак Грегор  2016-жыл май айында Өзбекстанда жумыс баслаған еди. Өткен дәўирде ол мәмлекетимиз бенен ЕҚБШ арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў жолында  хызмет етти. Соның ишинде, Өзбекстан менен ЕҚБШ арасындағы өз-ара нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын Президентимиздиң  2019-жыл 29-августтағы пәрманына муўапық, «Дўстлик» ордени менен сыйлықланған еди.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм ЕҚБШ арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Тәреплер шөлкемниң әмелдеги баслығы, Швеция сыртқы ислер министри Анн Линденниң Өзбекстанға сапарының жуўмағын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Буннан тысқары, коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыў бойынша биргеликтеги жумыслар бойынша  пикир алысылды. ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарларын әмелге асырыў бойынша  2021-2022-жылларға мөлшерленген «жол картасы» орынланыўын даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сәўбетлесиў жуўмағында елши Жон Мак Грегордың жумысына көрсетилген ҳәр тәреплеме жәрдем ушын қызғын миннетдаршылық билдирди.

– Шөлкемимиз, тийкарынан, қәўипсизлик пенен байланыслы болса да, мәмлекетте болып атырған процесслерге ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр. Жумысым даўамында Өзбекстанда түрли тараўларға байланыслы жойбарлар әмелге асырылды. Мәмлекетиңиздиң экономикасы  2016-жылға салыстырғанда  сезилерли дәрежеде өсти. Сондай-ақ, билимлендириўдиң сапасын арттырыўға байланыслы әҳмийетли жетискенликлерге ерисилди. Бул Өзбекстанның абырайын арттырады, – деди Жон Мак Грегор.

 

Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы