АҚШтағы Стэнфорд университетиниң илимпазлары инсан ҳәр күни қартайып барады, деген көзқарасларды гүмән астына алды ҳәм инсанның денеси ҳақыйқаттан да өзгеретуғын үш басқышты мәлим етти.

Focus басылымның жазыўынша, қәнигелер 18 ден 95 жасқа шекемги 4 мың 263 адамның қанындағы плазманы таллап көрди. Олар белоклардың шама менен үш мың түрин үйренип, олардың үлеси онлаған жыллар даўамында өзгермегенине итибар қаратты. Бирақ 34, 60 ҳәм 78 жастағы кеўиллилерде белок дәрежедеги сезилерли өзгерислерди анықлаған.

Илимпазлар бул өзгериўшеңликти пүткил денедеги өзгерислерге байланыстырды. Белоклар ямаса қан қурамы қартайыўға қалайынша тәсир ететуғыны мәлим болмасада, тышқанларда алып барылған тәжирийбелер соны көрсетеди, жас тышқанлардың қанын кекселерине қуйыў организмге унамлы тәсир етер екен.

Буннан алдын Хьюстондағы Бейлор медицина колледжиниң хызметкерлери глицин ҳәм ацетилцистеин препаратларының бирикпесин клиникалық сынақтан өткерген еди.

Нәтийже соны көрсетти, бул препаратларды жасы үлкен адамларда қартайыўдың көплеген дефектлерин сапластырып, булшық етлердиң күшин тиклейди, оларда билиў қәбилетин қайтарады.

 

ӨзА