Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилиси видеоконференцбайланыс тәризинде болып өтти.
Фракция ағзалары дәслеп «Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәм Өзбекстан Республикасының Жынайый жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шықты.
Додаланып атырған нызам жойбарында ҳайўанларға аяўсыз қатнасықта болғанлығы ушын жуўапкершилик илажларин күшейтиў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясына, атмосфера ҳәм суў ресурсларына зыян жеткергенликке байланыслы жаңа ҳуқықбузарлықлар түрлерин және олар ушын жуўапкершиликти белгилеў нәзерде тутылған.
Атап өтилгениндей, киргизилип атырған нызам жойбарында жәнликлердиң аяўсыз өлтирилиўи, кеўилхошлық сыпатында тирилейин жағып жибериў жағдайлары майда тәртипсизлик сыпатында квалификацияланыў жағдайлары да ушырасып атыр.
Ҳайўанларға адамгершиликли қатнаста болыў – бул раўажланған жәмийет мәдениятының ажыралмас ҳәм оғада әҳмийетли болған бөлеги болып есапланады. Улыўма етип айтқанда, өсимлик, ҳайўанат дүньясы, атмосфера ҳәм суў ресурсларына зыян жеткериў бул өзимизге зыян жеткериў, қалаберсе, келешек әўладқа унамсыз тәсир көрсетиў мүмкин екенлигин ҳәр биримиз аңлаўымыз дәркар, деп атап өтти фракция ағзалары.
Мәжилисте күн тәртибиндеги гезектеги мәселе «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары фракция ағзалары тәрепинен биринши оқыўда ҳәр тәреплеме додаланды. Бүгинги күнде санитариялық жақтан тазалаўға қәнигелестирилген 15 мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен республика аймағының 80 проценти турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлери менен қамтып алынған болып, бул хызметлер менен қамтып алыў дәрежесин 100 процентке жеткериў бойынша илажлар көрилмекте.
Соның менен бирге, аймақларда турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў жумысларында айырым машқалалардың бар екенлигин шығындыларға байланыслы нәтийжели системаны қәлиплестириўге ҳәм усы тараўға қәнигелестирилген юридикалық тәреплердиң мәплерин исенимли қорғаўға тосқынлық етпекте. Соның ишинде, төлем тәртиби дәрежесиниң төмен екенлиги қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлерин көрсетиўши шөлкемлердиң финанслық көрсеткишлерине унамсыз тәсир көрсетип, тийкарғы фондларды жаңалаў ҳәм хызметлердиң сапасын арттырыўға инвестиция киргизиў имканиятларын шеклемекте.
Сондай-ақ, усы тараўға исбилерменлик субъектлерин тартыўға тосқынлық етпекте.
Нызам жойбары менен Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм оның орынлардағы уйымлары шығындыларға байланыслы қарыздарлықты өндириўде судларға киргизетуғын даўа арзалары ушын төленетуғын мәмлекетлик бажы бийкар етилмекте.
Фракция ағзалары күн тәртибиндеги басқа да мәселелерди көрип шықты.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы