Автор дүньяның белгили басылымында Батыс мәмлекетлери Өзбекстанға жәрдем бериўи зәрүр екенлиги ҳаққында пикир жүргизип, Орайлық Азия дерлик 200 жыл ишинде биринши мәрте дүнья жәмийетшилигиниң итибарын өзине тартқанына тоқтап өтти.

Жазылыўынша, Аўғанстандағы тыныш емес жағдай келешекке қәўип салыўы мүмкин. Мине усындай жағдайда Өзбекстан Аўғанстанға салыстырмалы түрде айрықша тәсирге ийе екенлиги себепли, Батыс мәмлекетлери республикамызға жәрдем бериў тилегин билдирмекте.

«Жипек жолы» мәмлекетлеринде сыртқы күшлерге алаң болмастан «өз тәғдирлериниң жаратыўшылары» болыў ушын реал имканият бар. Бирақ, барлық регионаллық ҳәм глобал күшлер бирлеспесе, бул жоққа шығыўы мүмкин», делинеди мақалады.

Атап өтилиўинше, Өзбекстанның Аўғанстанға тәсиринен тысқары, Батысқа арзан шийки зат: нефть ҳәм газден баслап, алтын менен уранға шекем жеткерип бере алыў имканиятына ийе.

«Ҳәзирги ўақытта Қытай компаниялары Қазақстанда нефть қазып алыўдың төрттен бир бөлегине ҳәм Түркистан газ экспортының ярымынан көбирегине ийелик етпекте. Сондай-ақ, ол Тәжикстан менен Қырғызстан ушын ҳүкимет қарызларының сәйкес түрде 49 және 36 процентине шекем ийе болған бирден-бир кредитор мәмлекет болып есапланады. Бул көринисте келешекке үмиттиң бирден-бир нурлары Өзбекстаннан келмекте», деп атап өтеди автор.

Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери тәрепинен жәмийетшиликтиң консерватив қатламына тиймеген ҳалда халықтық турмысын саналы түрде либералластырыў, әҳмийетли екенлиги атап өтилген.

«Шавкат Мирзиёев Президент болғаннан соң Өзбекстанда таң қаларлық дәрежедеги өзгерислерди әмелге асырды. Өзбекстан Президенти қоңсы мәмлекетлерге барып, тосқынлықларды оңлап, өзиниң бир-еки жылын жүдә нәтийжели жумсады. Қоңсы мәмлекетлер менен шегараларды ашты. Ол өзине тән саўда блогин дүзиў ушын Жипек жолы еллерин бирлестириўге киристи. Соның менен бирге, Президент глобал фондлар мәмлекет тийкарларының беккемлиги ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеўден мәпдар болыўы ушын ҳәр қандай мәмлекеттен, соның ишинде, Европа ҳәм АҚШтан да Өзбекстанға инвестицияларды тартты. Усы тәризде, дүньяға жол ашыў ушын Өзбекстан белгили ҳәм жақын мәмлекетлер, бир топар олигархлар, династиялар арқалы емес, ал басқа да оптимал жоллардан да пайдаланыў мүмкин екенин көрсетти»,- атап өтиледи мақалада.

Автордың айтыўынша, Өзбекстан мысалында «география – бул тәғдир» деген қағыйдадан ўаз кешип атырған елди көриў мүмкин. Өзбекстан гегемонияның үлкен күшлери саясында қалмаў ушын да еркинлик ҳәм ғәрезсизликке умтылмақта.

uza.uz

Қарақалпақстан хабар агентлиги