Президент сайлаўы
Өзбекстан Республикасы Конституциясына киргизилген өзгерислерге муўапық, быйыл биринши рет жаңа Сайлаў кодексине тийкарланып октябрь айында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы өткериледи.
Сайлаў кодексинде белгиленгениндей, сайлаўалды үгит-нәсиятлаў – сайлаў кампаниясы дәўиринде әмелге асырылатуғын ҳәм сайлаўшыларды талабанды жақлап даўыс бериўге ийтермелеўге қаратылған жумыс есапланады. Бул процесс талабанларды дизимге алыў ушын белгиленген ақырғы күнниң ертеңинен басланады ҳәм даўыс бериўге бир күн қалғанда жуўмақланады.
«Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлардың сайлаўалды үгит-нәсиятлаўын алып барыў тәртиби ҳаққында»ғы реже Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлардың сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыў тәртибин белгилейди. Реже 5 бап ҳәм 49 статьядан ибарат.
Сайлаў кодекси қабыл етилгеннен кейин Орайлық сайлаў комиссиясының алдынғы усы ҳаққындағы реже өз күшин жойтыўы себепли жаңа қағыйдалар менен усы реже ислеп шығылған. Жаңадан киргизилип атырған усы режеге алдынғы режедегиден өзгеше түрде бир қатар жаңа қағыйдалар киргизилмекте.
Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы 2019-жылы болып өткен Парламентлик сайлаўларды үйрениў жуўмақлары бойынша шешимлеринде берилген усынысларында нызамшылыққа кампания дәўиринде мәмлекетлик ресурсларды пайдаланыў мәселесин шешетуғын анық нормалардың киргизилиўи керек екенлиги билдирилген еди.
Бул усыныс 2021-жыл 8-февральда қабыл етилген нызамға тийкарланып Сайлаў кодексиниң 44-статьясына киргизилген болып, режеде де төмендегилердиң сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыўы қадаған етилетуғыны белгиленбекте.
Яғный мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшылары, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң әскерий хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, басқа да әскерийлестирилген бөлимлер, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери, судьялар, сайлаў комиссияларының ағзалары, диний шөлкемлер профессионал хызметкерлериниң сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыўы қадаған етиледи.
Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының лаўазымлы шахсларына өз лаўазымы ҳәм хызмет статусынан сайлаўалды үгит-нәсиятлаў дәўиринде ҳәр қандай сиясий партияның ямаса талабанның пайдасына ямаса оған қарсы пайдаланыўы қадаған етиледи.
Сайлаў күни ҳәм даўыс бериўге бир күн қалғанында сайлаўалды үгит-нәсиятлаўға жол қойылмайды. Имаратларға, объектлерге ҳәм басқа да орынларға алдын (сайлаў күнинен еки күн алдын) жайластырылған сайлаўалды үгит-нәсиятлаў материалларын сайлаў күни ҳәм даўыс бериўге бир күн қалғанында алып қойылыўы мәжбүрий есапланбайды.
Сондай-ақ, сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыў мақсетинде ғалаба хабар қуралларында бийпул пайдаланыў тәртиби, көлеми ҳәм ўақты сайлаўда қатнасыўға рухсат берилген сиясий партиялардың пикирин есапқа алған ҳалда Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен белгиленеди.
Ғалаба хабар қуралларында тарқатылатуғын мәлимлеме ҳақыйқатқа туўра келетуғынын, талабанлар ҳәм сиясий партиялардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин бузбаўы керек екенлигин айрықша атап өтиў керек.
Надурыс мәлимлемени, талабанның абырайын ҳәм қәдир-қымбатына зыян жеткеретуғын мағлыўматларды тарқатыў, сондай-ақ, талабанның келисимисиз оның жеке ямаса шаңарақлық сырынан ибарат жеке турмысы ҳаққындағы мағлыўматларды нызамсыз жыйнаў ямаса тарқатыў қадаған етиледи.
Сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыў шәртлери ҳәм тәртибин бузыў нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық жынайый ҳәм административлик жуўапкершиликке себеп болады.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы