Наманган қаласында спорттың муай-тай спорт түри бойынша 2003-2004-жыллары туўылған жаслар ҳәм үлкен жастағылар арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилди.

Оған Қарақалпақстан сайланды командасы қурамынан 10 спортшы табыслы қатнасып қайтты.

Чемпионат жуўмағында жаслар арасында 48  килограмм салмақта  Асрор Кәримов үшинши, +91  килограмм салмақта Дияр Бекжанов екинши орынды ийелеген болса, үлкен жастағылар арасында   57  килограмм салмақта  Абатбай Өтегенов ҳәм 81  килограмм салмақта Оңғарбай Баймуратовлар бириншиликти ийелеп, Өзбекстан чемпионлары атанды. Сондай-ақ,  60 килограмм салмақта Шаодат Толыбаева үшинши орынды ийеледи.

-Чемпионатта шәкиртлерим Абатбай Өтегенов пенен Оңғарбай Баймуратовлар өзлериниң тынымсыз шынығыўлары, өз үстинде үзликсиз ислеўи нәтийжесинде чемпион болды. Келешекте буннан да жоқары нәтийжелерди күтип қаламыз, – дейди олардың тренери Дамир Ҳасанов.

Чемпионат жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы