29-март күни Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол шеберлик мектеби стадионында көпшилик футбол жанкүйерлери үмит пенен күткен футбол бойынша Өзбекстан ПРО-Лигасыныӊ екинши тур ойыны болып өти.
«Арал самалы» командасы бул сапары Хорезм ўәлаятыныӊ «Хорезм» командасын өз майданында қабыл етти.
1-турдағы жеӊистен руўхланған еки команда да ойын басланыўдан өзлериниӊ ҳәрекетшеӊлигин көрсете алды. Лекин, еки команда футболшылары да өзлерине жаратылған имканиятлардан пайдалана алмады. Ушырасыўдыӊ екинши таймы да кескин ҳүжимлер астында басланды. Бирақ, ҳә-дегеннен еки команда ағзаларына да гол урыў несип етпеди.
Ойынныӊ 59-минутында командамыздыӊ тәжирийбели ҳүжимшилериниӊ бири Наўрызбек Алимов жәрийма майданына мүйештен жоқарылатып узатылған топты басы менен дәрўазаға жоллап есапты ашқан болса, 85-минутта «Хорезм» командасы футболшысы дәрўазаманымыз бенен жекпе-жек шығып «Арал самалы» дәрўазасына гол урыўға еристи.
Буннан соӊ командамыз ағзалары бир қатар ҳүжимлер шөлкемлестиргени менен бул өзиниӊ нәтийжесин бермеди.
Наўрызбек Алимов ушырасыўдыӊ еӊ жақсы ойыншысы сыпатында «Арал самалы» командасыныӊ ҳүжимшиси деп табылды.
Бул ушырасыўдан соӊ «Арал самалы» командасы 4 упай менен Про-лигада Ферғананыӊ «Нефтчи» командасынан соӊ екинши орында келмекте.
«Арал самалы» командасы Про-Лиганыӊ 3-турында 5-апрельде Самарқандқа сапар етип, усы ўәлаяттыӊ «Динамо» клубы менен өз-ара ойын өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги