Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология бойынша комитетиниң видеоконференцбайланыс түриндеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасының аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды 2020-жылы әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламасының орынланыў жағдайы ҳаққында Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министриниң мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, пахта шийки заты ҳәм ғәлле жетистириўде базар механизмлерин кеңнен енгизиў, аўыл хожалығы жерлери ҳәм егинлерин мониторинг етиў, жайластырыў, аўыл хожалығы жерлерин қорғаў бойынша мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, топырақ өнимдарлығын жақсылаў және геоботаникаға байланыслы изертлеўлерди алып барыў, сондай-ақ, азық-аўқат тармағын раўажландырыўға байланыслы бир қатар ўазыйпалар орынланған.

Суўғарылатуғын майданларда орташа гектарынан 57 центнерден артық, суўғарылмайтуғын жерлерде болса орташа гектарынан 11 центнер зүрәәт алынып, жәми 6,4 миллион тонна дән жетистирилген. 2021-жылдың зүрәәти ушын 272 мың тоннадан аслам сайланды туқым жыйнап қойылған ҳәм мәмлекеттиң зәрүрликлери ушын 3,5 миллион тоннаға шамалас дән экспорт етилген.

Соның менен бирге, интенсив бағ ҳәм жаңа жүзим бағлары жаратылып, тараўды қоллап-қуўатлаў ушын усы жылдың 9 айында жәми 82,8 миллиард сум муғдарда субсидия ажыратылған.

Және бир тәрепи. Халықаралық стандартлар талапларына муўапық өним ислеп шығарыў, тәртипке салыў ҳәм муўапықластырыў системаларын раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлериниң сапа ҳәм қәўипсизлик көрсеткишлерин жақсылаў және экспорт географиясын кеңейтиў, елимиздиң органикалық өним ислеп шығарыў потенциалынан толық пайдаланыў имканиятын арттырыў мақсетинде 315 кәрхана ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен Global G.A.P., Organic, ISO, 22000 халықаралық сапа стандартларының муўапықлық сертификатлары алынған.

Мәжилисте старатегияда нәзерде тутылған ўазыйпалардың орынланыўында айырым кемшиликлерге жол қойылғаны атап өтилди.

Атап өтилгениндей, 2020-жыл 1-мартқа шекем Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының жумысын қайта көрип шығыў белгиленген болса да, усы ўазыйпаның орынланыўы өз ўақтында тәмийинленбеген. «Ақыллы аўыл хожалығы»н раўажландырыў Мәмлекетлик бағдарламасы бүгинги күнге шекем қабыл етилмеген.

Қала берди, реже бойынша 2020-жылы республикада жәми 280 мың гектар жерлерди өзлестириў белгиленген. Бирақ усы жылдың 9 айында аймақларда тек ғана 51,9 мың гектар жер қайта пайдаланыўға киргизилген.

Буннан тысқары, жерлерди өзлестириўде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери дурыс жолға қойылмаған. Усы тараўға жеке меншик инвестицияларды тартыў мәселеси толық әмелге асырылмаған.

Мәжилисте усы анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Көрип шығылған мәселе бойынша комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди.

 

ӨзА