Тақыятас ыссылық электр станциясының «Kun.uz» сайты хабаршысына мәлим етиўинше, 18-ноябрь күни 23:22 лерде 1-пуў-газ қурылмасындағы техникалық насазлық себепли станция жумысы ўақытша тоқтатылған. 20-ноябрь күни 16:35 ўақты менен насазлықлар сапластырылып, қурылма иске қосылған.

 

ӨзР Энергетика министрлигиниң хабар бериўинше, тутыныўшылардың талабынан келип шығып Тақыятас ЫЭСтиң қуўатлылығы 280 МВт болған 1-энергоблогының толық қуўатлылықта ислеўи тәмийинленген.

 

Мағлыўмат ушын, «Kun.uz» сайтының Қарақалпақстан жаңалықлары каналы кеше «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары» АЖ хабарына тийкарланып Тақыятас ыссылық электр станциясы авариялық жағдайда өшкенлиги ҳәм 20-ноябрь күни саат 11:00 ден баслап республикамыздың барлық қала және районларында түрли ўақыт аралығында электр энергиясы тәмийнатында үзилислер жүз бергени ҳаққында хабар берген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.