Бул жойбар Венгрияның Eötvös Loránd University  менен биргеликте «Өзбек тили ҳәм әдебиятының сырт елдеги үгит-нәсиятланыўы, Әлийшер Наўайы шығармаларының инглис тилине аўдарылыўы мәселеси» темасында алып барылады.

Жойбар «ERASMUS+ International Credit Mobility Programm» бағдары тийкарында 2020-2023-жылларда әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Буннан тысқары, жойбарда Европа университетлериндеги «Орайлық Азияны үйрениў (Central Asian Studies)» бөлимлеринде өзбек тили ҳәм әдебияты курсларын шөлкемлестириў, Әлийшер Наўайының шығармаларын инглис тилине аўдарыў сыяқлы мәселелер де  қамтып алынған.

Жойбардың Өзбекстандағы координаторы – филология илимлериниң докторы Зулхумор Мирзаева. Жойбар өзбек тили ҳәм әдебиятының сырт елдеги үгит-нәсиятланыўы, Наўайы шығармаларының инглис тилине аўдарылыўы мәселесине, Әлийшер Наўайы дөретиўшилигин жәҳән университетлеринде оқытыў ҳәм олар ушын қолланбалар жаратыўға бағышланған.

Бул жойбар ҳәзирети Наўайы туўылған күниниң 580 жыллығын кең көлемде  белгилеў алдында ҳәм ана тилимиздиң дүнья жүзиндеги абырайын арттырыўға қаратылған ҳәрекетлер ўақтында халқымыз ушын мүнәсип саўға болды.

 

ӨзА