Бүгин Республикамыздың барлық аймақларында 9-класс питкериўшилери ҳәм олардың ата-аналары арасында он бир жыллық мектеп билимлендириўине өтиўге арналған сораўнама өткерилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы билимлендириў министрлигиниң хабар бериўинше, 20-июнь күни Қарақалпақстандағы 704 мектепте 26 мың 478 оқыўшы «11-классқа шекем оқыўды қәлейсиз бе?» деген сораўға жуўап береди.

Сораўлар Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усынысына байланыслы әмелге асырылмақта. Еслетип өтемиз, буннан 14 жыл бурын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Улыўма орта ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириўге избе-из өтиўди тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Онда 2009-жылға шекем барлық улыўма орта билим бериў мектеплерин 9 жыллық билимлендириўге өткериў тапсырмасы берилди. Сол күннен берли республикамыз бойынша 10 академиялық лицей ҳәм 93 кәсип өнер колледжи салынды. Бүгинги күнде оларда 8 мыңнан аслам педагог кадрлар 80 мың 852  оқыўшыға билим берип келмекте.

2003-жылы 29-октябрь күнги усы қарарда, сондай-ақ, алыс аймақлардың 9-класс питкериўшиси қала ямаса районда оқыўын даўам еттириўи мәселесин ҳәкимликлерге тапсырған еди. Бүгинги күнде районларымызда 25 орта арнаўлы оқыў орынлары ашылған ҳәм оларда 21 процент оқыўшылардың билим алыўына қарамастан, мектеп питкериўшилери арасында пайтахтқа келип оқыўғысы келетуғыны көпшилик ата-аналарды тәшўишке салып киятыр еди. Себеби, үйинен узақта, ата-ананың бақлаўынан тысқарыда еле ақ пенен қараның парқына бармайтуғын баланың минез-қулқы өзгерип, тәрбиясы бузылатуғыны сыр емес.

11 жыллық улыўма билим бериў мектеплери бул машқаланы шешиўге анағурлым ат салысса да, сонша академиялық лицей ҳәм кәсип өнер колледжлери не болады, олардағы муғаллимлер қай жерге барады деген сораў көпшиликти қызықтырса керек. Бул ҳаққында кейинги жаңалықларда хабардар болыўыңызға болады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

 

Телеграмдағы каналда бизге қосылың