Бүгин, 19-сентябрь күни айрым мәмлекетлерде «Telegram» жумысларында үзилислер жүз берди. Мессенджерге жалғаныў ҳәм хабарлар жибериўде машқалалар жүзеге келген.

 

Интернет-ресурслардың жумысларын бақлап баратуғын «Downdetector» сервисиниң хабар бериўинше, «Telegram»ның дерлик 94 процент пайдаланыўшылары мессенджерге жалғана алмай атырғаны, 5 процент пайдаланыўшылар болса хабарларды жоллай алмай атырғанынан шағым еткен.

 

«Telegram»дағы үзилислер ең көп Россия, Нидерландия, Қазақстан ҳәм Бразилияда жасайтуғын пайдаланыўшылар арасында бақланған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.