Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен усы райондағы «Реймберген берекет» фермер хожалығының ис жүргизиўшиси Рахима Реймованың 2014-жылдан бери пайдаланып киятырған 19,2 гектар жер майданы алып қойылғанлығынан наразы болып жазған мүрәжаты унамлы шешимин тапқан.
Елимизде фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў. аўыллық жерлерде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс абаданлығын арттырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Деген менен, фермер хожалықларының жумысларына нызамсыз араласыў, олардың жер майданларын тартып алыў сыяқлы айырым унамсыз жағдайдардың ушырасып атырғаны бүгин ҳеш кимге сыр емес.
-Фермер хожалығымыз 2014-жылда шөлкемлестирилген болып, Нөкис қаласы халқын арзан баҳадағы овощ ҳәм палыз өнимлери менен тәмийинлеп киятырмыз.-дейди мүрәжат ийеси Рахима Реймова.-2018-жылдың ақырында район ҳәкимлигинен бир топар қәнигелер келип, фермер хожалықлары оптималластырылмақта, соның ушын еки-үш фермердиң жер майданлары қосылады,-деди. Егислик жеримизден бир нешше жылдан бери пайдаланып киятырғаннан кейин ҳәм басқа биреўге кетпесин деген мақсетте туўысқан ағамыз басқаратуғын «Рейм Прен» фермер хожалығына қосып бериўин өтиниш еттик. Қәнигелер буның ушын дәслеп жер майданымызды районның резерв жер фондының есабына қайтарыў бойынша арза жазасыз, кейин «Рейм Прен» фермер хожалығына қосып беремиз деди. Кейин биз олардың айтқаны бойынша арза жазып бердик.
Мине, усыннан баслап әўере-сарсаңға түстик. Дерлик бир ярым жыл даўамында түрли мәкемелерге барып, ҳәлек болдық. Кейин билиўимизше бизиң жеримиз «Хожа» фермер хожалығына, соңынан «Тумарис универсал сервис» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине берилген. Бизлер түрли мәкемелерге мүрәжат ете бергеннен соң районның резерв жер фондының есабына өткерилген екен.
Соңғы үмитимиз Өзбекстан Республикасы Президентиниң Нөкис районындағы Халық қабыллаўханасына мүрәжат еттик. Бизиң мүрәжатымыз районның жаңадан тайынланған ҳәкими ҳәм район прокуроры тәрепинен ҳәр тәреплеме үйренип шығылды. Нәтийжеде унамлы шешимин таўып, Нөкис районы ҳәкиминиң усы жыл 16-июльдағы қарары менен фермер хожалығымыз қайта тикленди ҳәм бизге тийисли 19,2 гектар жер майданы қайтарып берилди.
-Президентимиздиң басламасы менен орынларда дүзилген Халық қабыллаўханалары бүгинги күни фермерлердиң, исбилерменлердиң ҳәм халқымыздың ҳақыйқыйсүйенишине айланбақта,-дейди фермер хожалығының баслығы Есназар Реймов.- Буның ушын елимиз басшысына шексиз миннетдаршылық билдиремиз. Жеримиз қайтарып берилип, фермер хожалығымыз қайта тиклегенинен шаңарақ ағзаларымыз қуўанышқа бөленип, елимиздиң раўажланыўына, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге азда болса үлесимизди қосыў мақсетинде аянбай мийнет етип атырмыз. Келешекте овощ-пазыз жетистириў менен бирге шарўашылық, балықшылық ҳәм экотуризмди раўажландырмақшымыз.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы