Республикалық аэропортларда, темир жол станцияларында ҳәм шегара пунктлеринде адамлар ҳәм транспорт қуралларының ҳәрекетлениўине рухсат берилип атырғаны себепли халықаралық туризмди шөлкемлестириўге қолланылған шеклеўлер бийкар етилди.

 

Соның менен бирге, туризмди раўажландырыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў мақсетинде туристлик компанияларға туристлерди алып келиў менен байланыслы жеңилликлер усынылмақта.

 

Өзбекстанға сырт еллердиң пуқаралары болған туристлерди алып келиў жумыслары менен шуғылланып атырған туристлик фирмалар олар тәрепинен елимизге туристлик топар (5 адамнан аз ҳәм 15 адамнан артық болмаған және ҳәр қыйлы кеселликлер, соның ишинде, «COVID-19» қамтып алынатуғын толық қамсызландырыў болыўы шәрти менен) сыпатында шөлкемлестирилип атырған туристлик саяхатларды әмелге асырыўдан алдын туристлердиң ПЗР тест тексериўинен өткерилиўин тәмийинлеўи керек.

 

Бунда ПЗР тест тексериўиниң нәтийжеси терис болған туристлерге 14 күнлик карантинде сақлаў бойынша шеклеў қолланылмайды, олар Өзбекстанға кириўде коронавирусқа тексерилмейди.

 

Турист Өзбекстанға кирип келген ўақытта онда коронавирус белгилери болса, ол өткериў пунктинде өз есабынан коронавирусқа ПЗР ямаса экспресс-тест яки болмаса антиген тексериўинен өтиўи керек.

 

Тест оң шықса, турист өз есабынан карантинге алынып, емлениўден өтеди ямаса өз елине қайтады.

 

Сырт елли туристлер Өзбекстанда әмелдеги карантин шеклеўлери ҳәм санитариялық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда ҳәрекетлениўи шәрт.

 

Бул бойынша талаплардың орынланыўы туристлик фирмалардың жуўапкершилигине жүкленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.