Нөкис қаласында жылына 200 тонна балық ҳәм 5 000 тонна жем жетистириў қуўатлылығына ийе болған «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖға қараслы кәрхана иске түсти. Бул ҳаққында пайтахтымыздағы инвестициялық жойбарлар бойынша мағлыўмат берип киятырған «Нукус24» каналы хабар берди.
Кәрхананың қурылыс жумыслары ушын Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен 1,2 гектар жер ажыратылды. Бул кәрхана улыўмалық баҳасы 15 млрд сумлық «Интенсив усылда балық жетистириў ҳәм оны қайта ислеў» жойбары тийкарында өз жумысларын баслаған болып, кәрханада жаңадан 35 жумыс орны жаратылды. Жумыс ислеўшилерге барлық мийнет шараятлары жаратылған.
Кәрхана 12 бөлмели имаратқа ийе болып, барлық бөлмелер заманагөй санлы технологиялар менен тәмийинленген.
Кәрхана үскенелери Қытай Халық Республикасынан алып келинген. Бул жерде жумыслардың жақсы жолға қойылыўы нәтийжесинде алдағы ўақытларда Нөкис қаласы балық жетистириў бойынша республикамыздағы тийкарғы жеткерип бериўши аймақ болыўы күтилмекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.