Беруний районындағы «EKO AGRO KAPITAL» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қусшылыққа қәнигелестирилген болып, бул жерде жетистирилген өнимлер Хорезм ўәлаяты, Нөкис қаласы ҳәм Төрткүл районы халқына жеткерип берилмекте.
Германияның «BIG DUTCHMAN» компаниясының технологиясы тийкарында 56200 бас таўыққа мөлшерленген жаңа бокстиң иске түсирилиўи менен кәрханада 100 мың бас таўық бағылмақта. Жаңа линияда таўықларға күниге үш мезгил жем автоматластырылған түрде жеткерип бериледи. Бул жерде 33 адам турақлы жумыс орны менен тәмийинленген болып, кейинги режеге киргизилген объектлер иске түссе, жумыс орны буннан да көбейеди.
Кәрхана 245 гектар егислик майданына ийе. Таўықлар ушын жем базасын жаратыў ушын бул жерлерден өнимли пайдаланылмақта. Себеби, таўық жеминиң тийкарын бийдай қурайды. Сонлықтанда егиске таярланған жерлерге бийдай егиў режелестирилген.
-2020-2022-жылларға мөлшерленген келешектеги режелерге муўапық жаңадан инкубация цехларын иске түсириў, усының есабынан өндирислик қуўатлылықты 2,5 есеге арттырыўды мақсет еткенбиз,-дейди кәрхананың ис жүргизиўшиси Рустам Сейтимбетов.-Экономикалық өсимниң жаңа дәреклериниң иске түсирилиўи менен жергиликли дәраматтың арттыўы көзге тасланады. Бул өз гезегинде халықтың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етди.
Суўды үнемлеў мақсетинде жерлерди тегислеў ислери техникалар жәрдеминде әмелге асырылмақта. Абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларына да айрықша итибар қаратылып, кәрхана әтириапындағы тереклерге ўақтында тәрбия берилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги