Бүгин аўыл-хожалығы тараўында жумыс қызғын. Жерге меҳир берип, оннан мол өним алып атырған ҳәзирети дийқанларымыздың мийнети ҳәр қашанғыдан да бийбаҳа. Себеби, олар жетистирип атырған өнимлер халықты азық-аўқат пенен тәмийинлеп атырған болса, экспортқа шығарылып атырғанлары мәмлекетимиздиң экономикасын раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, Қарақалпақстан  Республикасынан усы жыл июль айында сырт еллерге 1007 тонна овощ ҳәм палыз өнимлери экспорт етилди.

Бул өнимлер өсимликлер карантини агроном-инспекторлары тәрепинен карантин тексериўинен өткерилип, фитосанитарлық сертификатлар рәсмийлестирилип, Қазақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясына экспортқа шығарылды.

– Июль айы даўамында өсимликлер карантини агроном-инспекторлары тәрепинен жәми 5362  тонна карантин астындағы өнимлер тексериўден өткерилип, 231 фитосанитарлық сертификатлар  рәсмийлестирилип, экспортқа шығарылды, -дейди  Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының сыртқы карантин бойынша жетекши агрономы Аралбай Сапарниязов. – Соннан  131 тонна пахта талшығы  Түркия мәмлекетине,  952 тонна бийдай уны  Аўғанстан Республикасына, cондай-ақ, Египетке 22, Корея Республикасына 91, Қытай  Республикасына 514 тонна   боян тамыры өними экспорт етилди.

– Агроном-инспекторлардың экспортқа мөлшерленген өнимлер жетистирилип атырған атызларда турақлы турде бақлаў жумысларын алып барыўы, карантин илажларын үзликсиз түрде әмелге асырыўы нәтийжесинде экспорт көрсеткишлери артып бармақта,-дейди инспекцияның ишки карантин бойынша жетекши агрономы Улуғбек Жумамуратов. – Экспортқа мөлшерленген өнимлердиң зыянланыўының алдын алыў, оларды зыянлы организмлерден қорғаў, өнимниң сапасын сақлап қалыў өсимликлер карантини тараўының баслы ўазыйпасы болып есапланады. Ал, сапалы ҳәм фитосанитар  таза  өнимлер ғана дүнья базарларынан мүнәсип орын ийелеўи мүмкин.

Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги