Журтбасшымыздың усы жыл 20-21-январь күнлери республикамызға келип, халық пенен пикирлесип, республикамызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, инфраструктураны жақсылаў, қала ҳәм районларымызды абаданластырыў бойынша берген усыныслары тийкарында көплеген жумыслар әмелге асырылмақта.
Солардың қатарында Нөкис қаласында 6-10 киловатлық күшке ийе комплектлеўши трансформаторлық подстанцияларды ислеп шығарыўға мөлшерленген заманагөй өндирислик кәрханасын қурыў да нәзерде тутылған еди.
Қурылыс жумысларын шөлкемлестириў, алып барыў бойынша жумыслар қызғын пәт пенен әмелге асырылып, усы жылдың февраль айынан-ақ бул бойынша исленип атырған жумыслар көзге таслана баслады. Сол айда Нөкис қаласы ҳәкиминиң шешими менен усы жаңадан қурылыўы режелестирилген «NUKUSELECTROAPPARAT» ЖШЖ қоспа кәрханасының қурылысы ушын 6 гектарлық жер майдан ажыратылып, Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы акционерлик жәмийети тәрепинен электр жеткерип бериўши линиялардың қайта монтажлаў жумыслары әмелге асырылды.
Усы қурылыс жумыслары менен бир қатарда «Ыссылықэнергияжойбарлаў» акционерлик жәмийетиниң жойбарлаў институты тәрепинен «NUKUSELECTROAPPARAT» ЖШЖ қоспа кәрханасы объектиниң жойбарлық сметалық ҳүжжетлери ислеп шығылмақта.
– Қурылыс жумыслары «Элемент плюс» ЖШЖ ниң 120 дан аслам қурылысшылары тәрепинен әмелге асырылмақта. Олардың жумыс ислеўи ҳәм дем алыўлары ушын барлық шараятлар жаратылған. Март айында-ақ қурылыс ушын ажыратылған жер таярланып, кирер жердеги имараттың, асхананың ҳәм тийкарғы имараттың қурылысы қызғын пәт пенен алып барылды, олардың қурылысын усы айдың ақырында тамамлап, Ташкент қаласынан 2ГКТП 1000 подстанциясын алып келип объектке орнатыўды режелестирип отырмыз.
Ҳәзирги ўақытта объектке орнатылатуғын барлық станоклар менен үскенелер алып келинбекте ҳәм август айына шекем бул бағдардағы жумысларды тамамлаймыз. Объект пақсасының фундамент жумыслары тамамланды. Қорғанлары қурылыс, абаданластырыў жумыслары тамамланғаннан кейин орнатыўға таяр ҳалда турыпты. Саяманлы тереклерди ҳәм гүллерди егиў ушын арналған жерлерге таза топырақ төгиў жумыслары баслап жиберилди. Журтбасшымыздың тапсырмасы өз ўақтында, ғәрезсизлигимиздиң жигирма алты жыллығы алдынан тамамланады, деп исендиремиз,-дейди «NUKUSELECTROAPPARAT» ЖШЖ қоспа кәрханасының бас директоры Н.Ходжиниязов.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-июньде қабыл етилген «Нөкис қаласында электротехникалық өнимлерди ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3055-санлы қарары бул бағдардағы жумысларды еле де күшейтиўге тийкар жаратпақта.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.