Мойнақ районының «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бүгинги күни ҳәр бири 200 бас малға мөлшерленген еки заманагөй шарўашылық комплексиниң қурылысы алып барылмақта.
«Мўйнақ келажаги бунёдкорлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы комплекске жақын күнлерде Европа мәмлекетлеринен 400 бас нәсилли қарамал алып келинеди. Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң әмелий жәрдеминде қурылып атырған комплекске «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 1660 гектар егислик жер майданы ажыратылып, соннан 200 гектарына мәкке, 60 гектарына айғабағар, 180 гектарына беде, 20 гектарына басқа егин егилди. Бул жумысларға бес техника ажыратылды. Нәтийжеде 40 жас жумыс пенен тәмийинленди.
-Аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қараўсыз қалған ески ферма имаратларында оңлаў жумыслары алып барылып, өзлериңиз көрип турғаныңыздай, заманагөй шарўашылық комплекси қурылмақта,-дейди мәсләҳәтши агроном Орақбай Ешмуратов,- Халықты сапалы шарўашылық өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде қурылып атырған комплекс ғәрезсизлик байрамы алдынан пайдаланыўға тапсырылады. Усының есабынан 10 жумыс орны жаратылады. Жасларымыз тәрепинен бүгинги күнге 300 тонна сенаж таярланды. Қосымша және 300 тонна таярланады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң жаслар бойынша жаңа басламаларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, жаслардың исбилерменлик қәбилетин толық жүзеге шығарыў, олардың жетерли дәрамат табыўы ушын және де қолайлы бизнес ҳәм инвестиция орталығын қәлиплестириў, мәпдарлығын арттырыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде районда «Мўйнақ келажаги бунёдкорлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилди. Оған район ҳәкиминиң қарары менен «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 244, «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 1660, «Тик өзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 483, «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйынының «Қызылжар» массивинен 1427, «Дослық» массивинен 1964, жәми 5780 гектар егислик жер майданы ажыратылды. Соның есабынан бүгинги күнге 228 жас жумыс пенен тәмийинленди.
Буннан тысқары, райондағы «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да заманагөй шарўашылық комплекси қурылмақта. Бул жерге 100 бас нәсилли қарамал алып келинеди. Район аймағында шарўашылық тараўында әмелге асырылып атырған жойбарлар халықты сапалы гөш ҳәм сүт өнимлери менен турақлы тәмийинлеўге, халқымыз, соның ишинде жасларымыз ушын жаңа жумыс орынларын жаратыўға, районның экспорт потенциалын арттырыўға хызмет етиўи менен де әҳмийетли.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.