«Bozataw tekstil» тигиўшилик цехы Бозатаў районы тарийхындағы үлкен жетискенликлерден бири, район инфраструктурасын қәлиплестириўдеги әҳмийетли жойбар болып табылады. Фабриканың ең алды менен ишки базарды арзан ҳәм сапалы өнимлер менен толықтырыўы мақсет етилген болып, сондай-ақ, олардың экспорты да нәзерде тутылған.

Кәрханада дүньяның жетекши компанияларында ислеп шығарылған ең заманагөй әсбап-үскенелер орнатылған. «Bozataw tekstil» де өндирис талаплары ҳәм базар конъюнктурасы инабатқа алынып, 10 нан аслам түрдеги  өнимлер таярланбақта.

Бүгинги күнде «Bozataw tekstil» тигиўшилик цехинда 350 жумысшы ҳәм қәниге мийнет етпекте. Олардың көпшилиги Бозатаў районында жасайтуғын усы күнге шекем жумыссыз отырған жоқары оқыў орынлары ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң питкериўши ҳаял-қызлары. Кәрханада бүгинги карантин жағдайынан келип шыққан ҳалда, барлық шараятлар жаратылған, хызметкерлердиң медициналық нықапта, қолғапларда жумыс ислеўи тәмийинленген.

Улыўма 2020-жыл кәрхананың жумысында айрықша орын тутады. Себеби, кәрхана Россия Федерациясы менен шәртнама дүзип, өнимлерин усы мәмлекетке экспорт етиўди баслады. Талаптан тысқары артықша өнимниң тийкарғы бөлеги экспортқа жибериледи. Оларға буйыртпалар қәлиплестирилмекте. «Bozataw tekstil» тигиў цехы жақын келешекте сырт еллердиң базарында өтимли өнимге ийе, потенциаллы субъектлер қатарынан орын ийелемекши.

 

Район халыққа заманагөй турмыслық, коммерциялық, транспорт, медициналық ҳәм басқа да хызмет түрлерин көрсетиў бағдарында бай инфраструктураға ийе. Усыны есапқа алсақ, Бозатаў районын буннан да айдын келешек күтпекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы