Шарўашылық тараўында жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў, шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыў және қайта ислеў көлемин кеңейтиў, бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, нәсилли қара маллар сатып алыў, оларды көбейтиў ҳәм бул арқалы халықтың арзан ҳәм сапалы гөш, сүт өнимлерине болған талабын қанаатландырыўға кең жол ашылған.

Соңғы жылларда бул бағдарда Беруний районында да бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Көплеген жаңа шарўашылық комплекслери пайда болды.

– Атап айтқанда, «Абай» АПЖ аймағындағы «Махсуд» фермер хожалығы быйыл Австрия мәмлекетинен 30 бас «Симментал» нәсилли қарамал алып келди,-дейди Агросанааат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Беруний районлық бөлиминиң шарўашылық ҳәм нәсилшилик жумысын қадағалаў аға инспекторы Ж.Шарипов. – Нәтийжеде жаңадан 5 жумыс орны жаратылды. Бул жумысларды әмелге асырыў ушын АК Халық банки Беруний районлық филиалы тәрепинен 750 миллион сумлық кредит ажыратылды.

Ҳәзирги ўақытта ферма заманагөй үскенелер менен тәмийинленип, жумыс ислеўдиң барлық процесслери автоматластырылмақта.

Сондай-ақ, районда қара маллардың нәсилин жақсылаў ушын, сырт еллерден нәсилли қарамаллар алып келинип, шарўашылық комплекслерин  шөлкемлестириў жумыслары да көбеймекте. Барлары ири шарўашылық комплекслерине айланбақта.

Солардың бири «Шимом» АПЖдағы «Самандар Бобожонов» ЖШЖ жойбары болып есапланады. Быйыл бул кәрхана АК Халық банки Беруний районлық филиалынан 77100 евро кредит алып, сырт елден 63 бас «Лимузин» нәсилли қарамал алып келди ҳәм 5 жумыс орны жаратылды. Кәрхана барлық заманагөй үскенелер менен тәмийинленген, жумыс процесслери автоматластырылған.

Районда өткерилип атырған үгит-нәсият жумысларында заманагөй шарўашылық комплекслерин шөлкемлестириўдиң әҳмийети кең түрде түсиндирилмекте. Нәтийжеде, қара малларды сақлаў ҳәм бағыў ушын қолайлы болған, өнимлердиң сапасы ҳәм өнимдарлығын арттыратуғын жаңа шарўашылық комплекслериниң саны артпақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги