Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың пәрманы менен Елжан Биртанов мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаў министри лаўазымынан босатылды. Оның орнына бурын мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаў министри ўазыйпасын атқарып турған Алексей Цой тайынланды, деп хабар береди «Sputnik».

Буннан алдын Биртанов коронавирусқа шалынған еди, ол ҳәзир емлеўханада жатыр. Бурынғы министрдиң жағдайы орташа аўыр, деп баҳаланбақта.

Биртанов Facebookдағы бетинде кеселлик ўақтында өз ўазыйпасын толық орынлай алмай атырғанын мәлим еткен еди. Алдынғы министрдиң қосымша етиўинше, ҳәзирги ўақытта тараўға турақлы басшы керек.

 

ӨзА