FӘЛЛЕ – 2020

Бүгинги күнге келип, республикамызда бийдай жетистириў режесиниң орынланыўы 90 проценттен асып, және бир район дән тапсырыў бойынша мәмлекетлик шәртнамасын орынлады.

  • Районымызда бийдай жетистирип атырған 182 фермер хожалығы бар,-дейди Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасары М.Темирханов. – Оларға тийисли 3450 гектар жерге бийдай егилип, мәмлекетке 6134,5 тонна дән тапсырыў режелестирилген еди.

Күни кеше районымыз режени 100 процентке орынлап шықты. Шоманайлы дийқанлар бир-бирине қол-қанат болып, жоқары зүрәәтлиликке ерисип, режени орынлаўда белсене қатнасты.

«Дийқанабад» массивиндеги Ахмухаммед шаршаны фермер хожалығы 243, Мадамин Хажиев фермер хожалығы 90, «Бегжап» массивиндеги Бекпулатов Асадбек фермер хожалығы 150, Алламуратов Жеңис фермер хожалығы 84, «Ташкент» массивиндеги Бахрам Ылғар фермер хожалығы 348, Зуҳра Удина фермер хожалығы 86, «О.Көккөзов» масcивиндеги Баршынай Ҳүрлиман фермер хожалығы 94, Нурсултан Баўыржан фермер хожалығы 138, «М.Абдуллаев» массивиндеги Оразбай пахтакеш фермер хожалығы 50 тоннадан аслам өним тапсырып, қырманға үлкен үлес қосқанлығын айрықша атап өтсек болады.

Орым-жыйын жумыслары шөлкемлескенлик даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги