Елимизге коронавирус пандемиясы кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 29-майдағы қарарына тийкарланып 2020-жыл 1-июньнен баслап «сары» ҳәм «жасыл» аймақларда спорт секциялары, дөгереклери, спорт заллары ҳәм фитнес клублардың жумысына руқсат берилди.

Сондай-ақ, Республикалық арнаўлы комисияның қарары менен футбол бойынша халықаралық ҳәм ишки жарысларға жоқары дәрежеде таярлық көриў және оларда қатнасыў мақсетинде, профессионал футбол клубларына оқыў-шынығыўларды санитария қағыйдаларына ҳәм гигиена талапларына муўапық ҳалда баслаўға, 2020-жыл 5-июньнен болса Өзбекстан профессионал футбол лигасы жарысларын даўам еттириўге руқсат берилди. Әлбетте, футбол ойынлары тамашагөйлер қатнасыўысыз өткериледи.

Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги басшылығы тәрепинен өткерилген онлайн видеоконференцияда министрдиң тийисли буйрығына муўапық карантин дәўиринде жумысы жолға қойылатуғын спорт секциялары, дөгереклери, спорт заллары ҳәм фитнес клубларының жумысын шөлкемлестириў бойынша ўақтыншалық талаплар оқып еситтирилди.

Буйрыққа муўапық, үш күн мүддетте әмелдеги карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда «сары» ҳәм «жасыл» аймақларда жайласқан спорт секциялары, дөгереклери, спорт заллары ҳәм фитнес клубларының жумысы жолға қойылады.

Қалаберди, спорт объектлери (соның ишинде, ашық майданлар)не кириў-шығыў орынларында пуқаралардың дене температурасын пирометрлерде өлшеў,  37°С ҳәм оннан жоқары дене температурасы болған пуқараларды спорт объектлерине киргизбеў ҳәм бул ҳаққында денсаўлықты сақлаў бөлимлерине хабар бериў, спорт илажларын және дене шынықтырыўларын саат 07.30 дан  18.30 ға шекемги ўақыт аралығында шөлкемлестириўге қатаң әмел етиледи.

Сондай-ақ, спорт илажларын өткериўде жүзиў бассейнлеринен улыўма пайдаланбаў және спорт билимлендириў мәкемелериниң жумысын жолға қоймаў нәзерде тутылған.

 

ӨзА