Өзбекстан Республикасы Орайлық банки сырт ел валюталарының сумға салыстырғанда жаңа баҳасын белгиледи деп хабар бермекте xs.uz .

Оған бола, 2-июньнен баслап валюталар курсы төмендегише:

1 АҚШ доллары 10 148  сум 31 тийинди қурап, өткен ҳәптедеги курсқа салыстырғанда 9 сум 1 тийинға қымбатлады.

1 евро курсы 11 262 сум 59 тийинға баҳаланып, 210 сум 75 тийинға қымбатлады.

Рубль курсы өткен ҳәптеге салыстырғанда 2 сум 70 тийинға қымбатлады. Атап айтқанда, 1 рубль 144 сум 5 тийин етип белгиленген.

Валюта баҳасын белгилеў ўақтында Өзбекстан Республикасы Орайлық банки бул валюталарды усы баҳада сатыў ямаса сатып алыў миннетлемесин алмайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентили