Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, социаллық-экономикалық реформалардың барысы менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 16-июнь күни пайтахтымыздың Учтепа районында болды.
Президентимиз районда қурылысы режелестирилип атырған кеўилашар дем алыў бағының жойбары менен танысты.
Дерлик алты гектар майданды ийелеген бул дем алыў бағында заманагөй, қәўипсиз, энергияны үнемлейтуғын аттракционлар, балалардың интелектуаллық потенциалын арттыратуғын ойын қурылмалары, жүзиў бассейни, фонтан, китапқумарлық ушын арнаўлы орын, скейт ҳәм гүллер майданшалары, саўда шақапшалары, автомобильлер туратуғын орын ҳәм басқа да зәрүрли инфраструктуралық объектлердиң қурылысы нәзерде тутылған.
Шавкат Мирзиёев дем алыў бағының жойбарын буннан былай да жетилистириў, заманагөй гипермаркет қурыў, онда кинотеатр, китапхана ҳәм басқа да зәрүрли дем алыў орайларының болыўы, дөретиўшилик жумысларда Қубла Корея, Япония сыяқлы мәмлекетлердиң тәжирийбесинен пайдаланыў зәрүрлигин атап өтип, жуўапкер адамларға зәрүр көрсетпелер берди.
Учтепа районындағы 78-мектеп 1967-жылы қурылған. Мектепти қайта оңлаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў режелестирилмекте. Президентимиз усы мектепте болды.
Елимизде жас әўладтың тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратылмақта. Жаслардың заманагөй билим алыўы, жоқары мәнаўиятлы инсанлар болып өсиўи ушын зәрүр шараят жаратыў бағдарындағы жумыслар избе-из даўам еттирилмекте.
Президентимиз мектеплер менен колледжлер арасындағы байланысты беккемлеў, атап айтқанда, усы мектепте тәжирийбе сыпатында 11 жыллық билимлендириўди қайта тиклеў, оның жанында оқыў-кәсип курсын шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Жоқары класларда балалар шахс болып, жәмәәт болып қәлиплеседи, деди мәмлекетимиз басшысы. Әне, сол пайытта оларды өзлери үйренген орталықтан ажыратып қоймаў керек. Бул жаслардың руўхый дүньясына, келешегине, сондай-ақ тәлим-тәрбиясына унамсыз тәсир етиўи мүмкин. Сонлықтан билимлендириў процесиниң үзликсизлигин тәмийинлеў, оқыў бағдарламаларын жетилистириў зәрүр.
Шавкат Мирзиёев 15-июнь күни Ташкентте болып өткен «Социаллық турақлылықты тәмийинлеў, муқаддес динимиздиң пәклигин сақлаў – дәўир талабы» темасындағы әнжуманда шығып сөйлеген сөзинде жас әўладтың тәрбиясы ҳаққында айрықша тоқтап өтти.
«Бизди бәрқулла ойландырып келетуғын және бир мәселе – бул жасларымыздың әдеп-икрамлылығы, жүрис-турысы, бир сөз бенен айтқанда, дүньяқарасы менен байланыслы. Бүгин заман жедел пәт пенен өзгермекте. Бул өзгерислерди ҳәммеден де көбирек сезинетуғын ким – жаслар. Мейли, жаслар өз дәўириниң талаплары менен үйлес болсын. Деген менен, әйне пайытта өзлигин де умытпасын. Биз кимбиз, қандай уллы инсанлардың әўладымыз, деген шақырық олардың жүрегинде бәрқулла саза берип, өзлигине садық қалыўға шақырып турсын. Буған нениң есабынан ерисемиз! Тәрбия, тәрбия ҳәм тек ғана тәрбияның есабынан», деди, соның ишинде, Президентимиз.
Бул ўазыйпалар мектепке, шаңараққа, мәҳәллеге, пүткил жәмийетшиликке үлкен жуўапкершилик жүклейди. Елимизде тәлим-тәрбия саласының барлық буўынлары – мектепке шекемги билимлендириў, мектеп, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў системасын жетилистириў, жаңа оқыў орынларын қурыў ҳәм ҳәрекеттегилерин оңлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар жаслардың кәмалға жетиўинде өз нәтийжесин береди.
Усы жерде 1-класс оқыўшыларына берилетуғын «Президент саўғасы»ның комплекти, мектеп оқыўшыларына мөлшерленген көркем әдебиятлар, халық билимлендириў мәкемелерин жаңа оқыў жылына таярлаў режеси көрсетилди.
Мәмлекетимиз басшысы районның Ватанпарвар мәҳәллесиндеги «Ватанпарвар иноқ коммуналчи» жеке турақ жай мүлк ийелери ширкетиниң жумысы менен танысты.
2010-жылы шөлкемлестирилген усы ширкет райондағы үлгили жеке турақ жай мүлк ийелери ширкетлеринен бири болып табылады. Ширкет жайласқан 38-үйдиң кириў жоллары заманагөй усылда оңланған, үйге тутас аймақ абаданластырылған. Көп қабатлы үйдиң алдынғы бөлегине ҳәм киши жолларға видеобақлаў орнатылған. 60 шаңараққа хызмет көрсететуғын ширкетте коммунал тарифлер халық ушын қолайлы баҳаларда ислеп шығылған.
Ширкеттиң өз қаржысы есабынан үш жыл алдын үйдиң төбе бөлеги толық оңланған, киши жолларға заманагөй есиклер орнатылған. Үйдиң алдында қурылған автотурақжай усы жерде жасайтуғын халыққа бийпул хызмет көрсетеди. Ҳәр қыйлы аттракционлар, ойын қурылмалары орнатылған балалар майданшасы тек ғана балаларға емес, ал үлкенлерге де заўық бағышлайды.
Президентимиз жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетиниң басшысы ҳәм усы жерде жасаўшылар менен ширкеттиң жумысы, көп квартиралы турақ жайларда халықтың турақ жай шараятын жақсылаў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында сәўбетлести. Ширкет хызметкерлериниң ҳәм шаңарақ ийелериниң мийнети арқалы абаданласқан жерге айланған бундай ширкетлердиң тәжирийбесин үйрениў, оны басқа да районларда ғалаба ен жайдырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Ислеймен, жаратаман деген адамға тийкарында көп нәрсениң кереги жоқ, деди мәмлекетимиз басшысы. Әпиўайы қол мийнети, көпшиликтиң ис-ҳәрекети менен өзи жасап атырған аймақты таза ҳәм пайызлы орайға айландырып атырған жерлеслеримиздиң артып атырғаны бизди қуўанышқа бөлейди.
Учтепа районындағы бурынғы «Сигнал» заводының улыўма майданы 5,1 гектар болып, аймақта кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Аймақта имарат ҳәм объектлер, коммуникация тармақлары бар. Бул жерде әмелге асырылатуғын жойбарларды 2018-жылдың биринши шерегинде иске қосыў белгиленген.
Бул жерде жумыс баслайтуғын киши кәрханаларда пластмасса өнимлери, энергияны тежейтуғын лампалар, трансформатор подстанциялары, тигиў ҳәм трикотаж өнимлери, заманагөй мебель сыяқлы өнимлер ислеп шығарылады. 17 кәрханада 400 ден аслам жумыс орны жаратылады.
Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен коммерциялық банклер тәрепинен өндирис кәрханаларын қаржыландырыў, оларды жеңиллетилген кредитлер менен тәмийинлеў бойынша заманагөй система жаратылған.
Сыртқы экономикалық хызмет милий банки тәрепинен Учтепа районында 2017-жылы қаржыландырылатуғын жойбарлар перспективалы екени менен дыққатқа ылайық. Медициналық хызмет көрсетиў, қурылыс материаллары, химия санааты, мебель, фармацевтика, былғары аяқ-кийим сыяқлы бағдарлардағы 70 ке шамалас жойбар бойынша 1000 ға жақын жумыс орны жаратылады. «674xa!» ЖШЖ тәрепинен гезлеме ҳәм материалларды дүнья стандартлары дәрежесинде бояў цехы иске қосылады. 2017-жылдың үшинши шерегинде пайдаланыўға тапсырылатуғын кәрханада 60 жумыс орны жаратылады.
« Baikal-KMU» ЖШЖ де быйылғы жылдың жуўмағына шекем өз жумысын баслайды. Жердиң зүрәәтлилигин арттырыў бойынша «Байкал ЭМ-1» микробиологиялық төгинлер ислеп шығаратуғын кәрхана өнимлерин Түркияға, Бирлескен Араб Әмирликлерине, Ҳиндстан менен Пакистанға эспорт етиўи күтилмекте. «Avicon tex», «Urologic complek!» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлеринде халықтың денсаўлығын беккемлеў, ҳәр қыйлы кеселликлердиң профилактикасы бойынша медициналық хызметлер көрсетиледи.
«Ипотека банк»тиң қатнасыўында әмелге асырылып атырған жойбарда мебель санааты ушын декор қағазлар ислеп шығарылады. Қытай менен Түркиядан заманагөй үскенелер алып келип орнатылатуғын кәрхананың 2018-жылы иске қосылыўы мөлшерленген. Буннан тысқары, банктиң қатнасыўында жылына 1 мың 200 тонна балық өнимлерин қайта ислеў жолға қойылады.
Жылына 148 тонна труба ҳәм 400 мың дана фитинг ислеп шығарыўға қәнигелескен «Art Dekor Group» ЖШЖде 60 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.
Өним ислеп шығарыўдан алдын оған базар табыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Президентимизге 2017-жылы Учтепа районының санаат ҳәм хызметлер саласын раўажландырыў бағдарындағы инвестициялық жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Мағлыўматларда саланың бағдарлары, хызметлердиң түри, жаратылатуғын жумыс орынлары, ажыратылатуғын қаржылардың муғдары, ислеп шығарылатуғын өнимлердиң түри өз сәўлелениўин тапқан.
Халық банки тәрепинен қаржыландырылатуғын «Artikor» ЖШЖ тигиўшилик өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен. Кәрханада 60 жумыс орны жаратылады.
«Өзсанаатқурылысбанк» тәрепинен санаат саласында 28, хызмет көрсетиў саласында 17 жойбардың қаржыландырылыўы нәзерде тутылған.
Усы жойбарларды буннан былай да жетилистириў, жумыс орынларын көбейтиў бойынша жуўапкер адамларға тийисли көрсетпелер берилди.
Президентимиздиң басшылығында Өзбекистан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетинде қала, район белсендилери, жуўапкер шөлкемлер ўәкиллериниң қатнасыўында мәжилис болып өтти. Онда халықтың турмыс дәрежесин буннан былай да арттырыў, бәнтликти тәмийинлеў, билимлендириў мәкемелерине айрықша итибар қаратылды. Бар кемшиликлерди сапластырыў бойынша тапсырмалар берилди. 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы елимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.
ӨзА