«FӘЛЛЕ – 2020»

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 6-марттағы «Fәлле жетистириў, сатып алыў ҳәм сатыўға базар принциплерин кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, быйыл ишки базарда дән ҳәм нан өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў илажларын әмелге асырыў ушын мүлкшилик түрине қарамастан, ғәлле жетистириўши хожалықлар ҳәм кәрханалардан сатып алынатуғын ғәлле сақланатуғын қоймаханалардың сыйымлылығы, жағдайы, таза дән зүрәәтин қабыл етиўге таярлаў және басқа да зәрүр талаплардың орынланыўы бойынша әмелий илажлар исленбекте.

Бунда дәнниң сапасын тәмийинлеўде қабыллаў, сақлаў ҳәм қайта ислеўдиң әҳмийети үлкен.

  • Быйыл республикамыздың фермер хожалықларында 53,0 мың гектардан ғәлле өними режелестирилмекте,-дейди «Өзагроинспекция» Қарақалпақстан Республикалық басқармасының аға инспекторы А.Доспанов. – Соның 4,4 мың гектарын туқымлық қурайды. Әне усы өнимлердиң сапасы бас өлшем болып есапланады.

Бул болса ғәллениң сапасы, оның норма ҳәм стандарт көрсеткишлери менен белгиленеди. Яғный, мәмлекетлик ресурсқа товар ҳәм туқымлық өнимди қабыл етиў процеси O’z DSt 880:2015 мәмлекетлик стандарт талапларына, яғный, дәнниң ығаллылығы 14,0 проценттен, патаслығы 1,0 проценттен жоқары болмаса, ҳәр бир килограмм дән ушын толық ҳақы төленеди. Усы көрсеткишлерден төмен болғанда ҳәр бир процент ушын муғдары бойынша үстеме (накидка) бериледи. Дәнли араласпасы 3,0 проценттен аз болса, ҳәр бир процентке натурасы болса 750 грамм-литрден көп болса, ҳәр бир 10 грамм-литрге үстеме пул төленеди. Дәнниң клейковинасы 23,0 проценттен қанша жоқары болса, сонша жақсы болып есапланады.

Бүгинги күнде елимиз ғәлле ғәрезсизлигине ерисип ғана қалмастан, сырт елге дән экспорт ететуғын болды.

Усы жерде республикамызда өткен жылы мол ҳәм жоқары сапалы дән жетистирилип мәмлекетке сатылғанлығы себепли, ғәллекешлерге 207,0 тонна қосымша (накидка) берилип, мәмлекет экономикасына мүнәсип үлес қосылғанлығын айтып өтиў керек.

Әлбетте, бул соңғы шек емес. Енди биз сапа көрсеткишлерине итибарды және де күшейтиўимиз зәрүр.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги