Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «Математика тараўындағы тәлим сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Муҳаммед Ал-Хорезмий атындағы халықаралық сыйлығының шөлкемлестирилиўи белгиленген.

Сыйлық пенен Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар сыйлықланады.

Ол еки жылда бир мәрте Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңестиң усынысына бола үш бағдар (фундаменталь тараўдағы изертлеў, жаслар арасындағы изертлеў ҳәм экономиканың реал секторындағы машқаланың шешимин тәмийинлеген изертлеў) бойынша бериледи.

Ҳәр бир бағдар бойынша Сыйлық ийелерине Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан 50 мың АҚШ доллары эквивалентиндеги ақшалай сыйлық бериледи.

Қарардың толық тексти менен сайтымызда танысасыз.

ӨзА