Қарақалпақстан Республикасының Қараөзек районы аймағында қурылатуғын Өзбекстандағы биринши самал электр станциясын қурыў жойбарында қатнасыўды қәлейтуғын инвесторлар 2020-жылдың 13-май күнине шекем буйыртпаларын тапсырыўы мүмкин. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.

Тийисли уйымлар электр энергиясын ислеп шығарыўшыларды усы жойбар бойынша объектлерди раўажландырыў, қаржыландырыў, қурыў, ийелик етиў ҳәм олардан пайдаланыўда қатнасыўға мирәт етпекте.

Усы самал энергиясының жойбары бойынша биринши тендер Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң жәрдеминде улыўмалық қуўатлылығы 1 ГВт болған самал электр станцияларын қурыў бойынша бирге ислесиў шәртнамасы шеңберинде әмелге асырылады.

Тендер 2 басқышта өткериледи – қатнасыўшылар арасында қәнигели сайлап алыў және техникалық ҳәм коммерциялық усынысларды көрип шығыў.

Қарақалпақстан Республикасының Қараөзек районында усы самал электр станциясын ҳәм тийисли инфраструктураны қурыў ушын орын сайланды. Ҳәзирги ўақытта усы аймақта экологиялық изертлеўлер ҳәм қуслардың миграциясын үйрениў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Сондай-ақ, биринши электр станциясы қурылатуғын майданға жақын жерде улыўмалық қуўатлылығы 200 МВт болған самал электр станциясын қурыў жобаластырылған. Усы жойбарды әмелге асырыў ушын усындай тендер өткериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.