Хожели Агроэкономика кәсип-өнер колледжинде Өзбекистан ХДП депутатлық бирлеспелериниң қатнасында «Партияның сайлаўалды бағдарлармасының орынланыўы: әмелий жумыслар ҳәм орын алған машқалалар» темасында семинар болып өтти.
Өзбекистан ХДП Орайлық Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға партияның қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң баслықлары, республика Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Өзбекистан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикалық Бас басқармасы, коммерциялық банклердиң, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Район ҳәкимлиги, бәнтликке көмеклесиў орайы менен биргеликте «Старт-ап» ҳәптеликлери-инновациялық идеялар таңлаўының жуўмақлаўшы басқышы шеңберинде мийнет ярмаркасы өткерилди. Оған райондағы 60 қа жақын мийнет жәмәәти өзлериндеги 234 бос жумыс орны, райондағы 10 кәсип-өнер колледжиниң 39 питкериўшиси бизнес жойбарлары менен қатнасты. Соннан 20 жумыссыз пуқараға жоллама берилди.
Илаждың тийкарғы мақсети Президентимиздиң усы жыл 24-майдағы «Бәнтлик саласында мәмлекетлик сиясатты буннан былай да жетилистириў ҳәм мийнет уйымлары жумысының нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық халықты ойландырып жүрген мәселелерден келип шыққан ҳалда, депутатлар тәрепинен тийисли жергиликли ҳәкимият уйымлары ҳәм шөлкемлери менен биргеликте анық социаллық қорғаў усылларын енгизиў, орынларда жүдә әҳмийетли есапланған халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин арттырыў, соның ишинде кем тәмийинленген қатламның реал дәраматлары муғдарының артыўына ерисиўден ибарат.
Илажда соңында исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши кәсип-өнер колледжлериниң бир топар питкериўшилерине коммерциялық банклерден жеңиллетилген кредит алыў ҳуқықын бериўши сертификатлар тапсырылды.
Ҳақыйқатында да, питкериўшилердиң исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен биргеликте дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Мениң бизнес режем» таңлаўының елимиз басқышына қатнасқан оқыўшылардан бир қатары жеңимпаз болып қайтты. Олардан Хожели Агроэкономика кәсип-өнер колледжиниң оқыўшысы Шоҳида Рузимбоеваның шаңарақлық исбилерменлик, Хожели медицина колледжиниң оқыўшылары Гүлхатиша Сейтназарованың миллий кийим, Гули Рейимбаеваның гөззаллық салоны, Роза Базарбаеваның кондитер өнимлери бойынша бизнес режелери жоқары баҳаланып, коммерциялық банклерден ҳәр бири 14 ҳәм 24 миллион сум әтирапында жеңиллетилген кредит алдыў ҳуқықын бериўши сертификатлар менен сыйлықланды ҳәм ярмаркада қатнасты.
-Исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетиндегилер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта,- дейди питкериўшилерден бири Шернияз Атамуратов. -Бүгинги илажда «Микрокредитбанк»тен 7,4 миллион сум жеңиллетилген кредит алыў ҳуқықын бериўши сертификат алыўға миясар болдым. Келешекте автомобильлерди оңлаў орнын ашып, халыққа хызмет көрсетпекшимен.
Сертификат алған питкериўшилерден Сардар Атамуратов, Иззет Рахманов, Севара Семашова, Каримбай Уразбаевлар қусшылық, Хуршид Айтмуратов, Нурсулыў Изтурғановалар мал шарўашылығы менен шуғылланыў нийетлерин бирдирди.
Илаж қатнасыўшылары райондағы «Шағалакөл» мәкан пуқаралары жыйыны аймағында жасаўшы, коммерциялық банктен кредит алып, таўық бағыў менен шуғылланып атырған Шәрибай Атаханов ҳәм мал шарўашылығы менен шуғылланыўшы Икрам Тәжимуратовлардың шаңарақларында болып, жумыслары менен танысты.
Өзбекистан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң көшпели жәмийетлик қабыллаўханасы шөлкемлестирилип, усы жердиң өзинде пуқаралардың мүрәжатлары қабыл етилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.