Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен  2020-жылдың 6-февраль күни нефть-газ санаатындағы жумыслардың нәтийжелилиги, табийғый газ ҳәм сүйық углеводородлар қазып алыў көлемин арттырыў бойынша ўазыйпаларды додаланыўға бағышланған мәжилис өткерилген еди.

Мәмлекетимиз басшыcы тәрепинен усы мәжилисте қатнасқан «Ўзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниң жаңа басшысы, басқарма баслығы Меҳриддин Абдуллаевқа нефть-газ тараўында усы жылда әмелге асырылыўы тийис болған әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм тапсырмалар белгилеп берилди.

«Ўзбекнефтьгаз» АЖ системасын раўажландырыў ҳәм финанслық жақтан жақсылаў бойынша берилген тапсырмалар тийкарында Бухара нефтьти қайта ислеў заводын басқышпа-басқыш модернизациялаў, жоқары сапалы экологиялық таза болған дизель жанар майын ислеп шығарыў жумыслары тез пәт пенен алып барылды.

Заводта ислеп шығарылып атырған нефть өнимлериниң  (автобензин ҳәм дизель жанар майы) сапасы Евро-2  стандарты талапларына сәйкес келип, оның сапасын жәҳән стандартларына сәйкес келтириў мақсетинде, ҳәзирги күнде ислетилип атырған  катализатор ҳәм цеолит алмастырылды.

Францияның «Axens» компаниясының қәнигелери карантин себепли газойлды гидротазалаў қурылмасы катализаторын алмастырыўда қатнаса алмады. Завод ҳәм компания қәнигелери онлайн байланыста болды ҳәм «Axens» компаниясының схемасына бола жәмийет қәнигелериниң өз күши менен  реакторға жаңа каталитикалық система орнатылды.

Нәтийжеде 2020-жылдың 30-март күни Өзбекстан тарийхында биринши мәрте «Евро-4» «Евро-5» класслы экологиялық таза ҳәм сапалы дизель жанар майының ислеп шығарылыўы жолға қойылды.

Лабораторияның таллаўларына бола, алынған дизель жанар майында күкирт бирикпелериниң  муғдары 3 ppm болып, бул көрсеткиш Евро-5 класына сәйкес дизель жанар майына туўра келеди (10 ppm дан көп емес). Бул қурылма бар технологиялық схемада жылына 100 мың тоннаға шекем Евро-5 стандартындағы дизель жанар майын ислеп шығарыў имканиятына ийе.

«Ўзбекнефтьгаз» АЖ баспасөз хызметиниң хабар бириўинше, «Евро-4» ҳәм «Евро-5» жанар майы двигательдиң ислеў процесин жақсылаў, бүлиниўин азайтыў, зыянлы шығынды газлердиң муғдарын кескин азайтыў ҳәм цилиндирлердиң ислеў дәўирин созыў сыяқлы абзаллықларға ийе.

ӨзА