Өткен жыллар даўамында ислам мәдениятына тән болған ата-бабаларымыздан қалған мың жыллық тарийхқа ийе муқаддес орынлар, қойымшылықлар, мешит ҳәм медреселер қайта тикленип, олардың илимий мийрасы жас әўлад тәрепинен кеңнен үйренилмекте. Ислам дини нәўқыран әўладты тәрбиялаў, руўхыйлық ҳәм әдеп-икрамлылыққа шақырыў менен бир қатарда, оны жаман иллетлерден қайтарады. Сол себепли де жәмийетимиздиң миллий, мәдений-ағартыўшылық буўыны саналған Ислам дини ҳәзир руўхый әдеп-икрамлылық жақтан жетилисип өсиўимиздиң әҳмийетли дәреклериниң бири болып хызмет етпекте.
Усы жыл 15-июнь күни Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың естелигине бағышлап Мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен мәкан пуқаралар жыйынларында жасап атырған жәрдемге мүтәж майыплар, жалғыз баслы кекселер, бағыўшысынан айырылған пуқаралар, кем тәмийинленген шаңарақ ағзалары, мийнет ветеранлары ҳәм нураний кекселер ушын пайтахтымыздағы «Бес төбе», «Шаңарақ», «Алтын балық», «Али баба», «Меридиан» ҳәм «Қанат» шайханаларында қайыр-сақаўат илажлары өткерилди.
Илажларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Ҳүкимет, қала ҳәм басқа да мәкеме, шөлкемлер басшылары қатнасып, елимиздиң Биринши Президенти Ислам Кәримовтың портрети алдына гүллер қойып, оның естелигине ҳүрмет көрсетти ҳәм жыйналғанларды Муқаддес Рамазан айы менен қызғын қутлықлады. Елимиздиң Биринши Президенти Ислам Кәримов өзинен мәңгилик мийрас етип тынышлықты қалдырғанын, елимиздиң раўажланыў жолын белгилеп бергенин, оның жоқары инсаныйлық пазыйлетлерин, жасларға, халқымызға көрсеткен ғамқорлықларын, тәрбиялық әҳмийетке ийе дөретиўшилик мийнетлерин айрықша атап өтти.
Бундай қайыр-сақаўат илажларынан кеўиллери толып-тасқан нөкислилер елимиз Президентине ҳәм республика басшыларына терең миннетдаршылық билдирип, ҳақ пәтиясын берди.
Н.РЕЙПНАЗАРОВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы